Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған гезектеги сапары, аймақта жасаўшы барлық кексе ҳәм жаслардың кеўлине бирдей жыллылық, қуяштай меҳир нурларын алып киргени ҳақыйқат.
Бүгин қайсы мәҳәлле, қайсы көшеге ямаса қайсы шаңараққа барсаңыз да тийкарғы тема Президент сапарының жуўмақлары, аймаққа көрсетилип атырған итибар, халыққа берилип атырған жеңиллик, экономиканы раўажландырыўға қаратылған мәнзилли мақсетлер бойынша қызғын сәўбеттиң гүўасы боласыз.
Ҳақыйқатында да, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан соңғы 5-6 жылда дийқаншылық ҳәм шарўашылықтан тысқары, заманагөй исбилерменлик ҳәм санаатты раўажландырыўға, халықтың абаданлығын жоқарылатыў, жаслар ушын кең имканиятлар жаратыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Ең биринши Мойнақтан басланған ийгиликли басламалар, аймақтың барлық районларында даўам етип атырғанлығы, адамлардың бүгинги күнинен разы болып, ертеңги күнге исеним менен қарап, бахтиярлық, шүкиршилик сезимлери менен жасаўына хызмет етпекте.
Президентимиздиң сапары, күн даўамында өткерилген қызғын ушырасыўлар, шын кеўилден сәўбетлесиўлер, Қарақалпақстанның ҳәзирги күни ҳәм жарқын келешеги ушын белгиленген анық мақсетли режелер – булардың барлығы, Қарақалпақстанда жасаўшы ҳәр бир инсанның жүрек төрине кирип барды десек, қәте болмайды.
Алдынлары улыўма санаат кәрханасы болмаған Кегейли районында аймақлар аралық бирге ислесиў нәтийжесинде, әндижанлы исбилерменлер менен биргеликте жылына 3 миллионнан артық трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе «Ақтуба текстиль» кәрханасы иске қосылды.
Германия, Япония ҳәм Түркиядан алып келинген заманагөй үскенелер өндирис көлеминиң көбейиўине хызмет етпекте.
Тийкарғысы, бул районда жасаўшы, жумыссыз үйде отырған ҳаял-қызлар ушын турақлы жумыс орны жаратылды.
Кәрхана 500 жумыс орнына ийе болып, жылына 6 миллион долларлық өним экспорт етиў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы сапарын усы кәрхананың жумысы менен танысыўдан баслады, кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, жумысшы ҳаял-қызлар менен қызғын сәўбетлести.
Президентимиз тәрепинен усы күнниң өзинде видеобайланыс арқалы 6 жаңа кәрхана иске қосылды.
Олар Беруний районындағы «Беруний бийдай кластер» ҳәм «Райҳон аппарел», Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» заводының 3-басқышы, Қоңырат районындағы «ККраси кемикал», Нөкис қаласындағы «Азимут хотел», Төрткүл районындағы «Хозагро» ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслердиң потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди. Бул кәрханаларда жәми 1 100 турақлы жумыс орны жаратылады, олар арқалы өндириске 300 миллиард сум, экспортқа 20 миллион доллар қосылады.
Әлбетте, жаңадан иске қосылып атырған бул кәрханалар, халықтың бәнтлиги, шаңарақлардың абаданлығы, экономикамыздың раўажланыўына тийкар болады.
Президентимиз Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша өткерилген мәжилисте, Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 2023-жылы 1,5 триллион сум берилип атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, 452 мәҳәлледеги шараяты аўыр 21 мың жай оңланып, 709 жай жаңадан қурып берилиўи ушын бюджеттен 132 миллиард сум, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан 232 миллиард сум ажыратылып атырғанлығы, Қарақалпақ халқына болған аталарша ғамхорлығы ҳәм исеним үлгиси болып табылады.
Әлбетте, берилип атырған қаржылар көлеми үлкен, бул қаржылар тийкарында болса, адамларды турмыстан разы етиўдей, жоқары инсаныйлық мақсет жәмленген.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан ушын әҳмийетли болған, бул жерде жасаўшы халықтың абаданлығын және де арттырыўға қаратылған 3 жаңа баслама, тек ғана бүгин емес, келешекте де адамлардың өз өмиринен разылығына хызмет етиўи анық.
Биринши баслама, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады.
Оның ушын айрықша Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард ажыратыў белгиленди.
Екинши баслама, кадастры жоқ 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп бериледи.
Үшиншиси, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады. Оған қосымша, заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотыхтан жер ажыратылады.
Ҳақыйқатында да 3 жаңа баслама ҳәм Қарақалпақстанды «жумыссызлықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў, азық-аўқат өнимлери мол ҳәм арзан болыўын тәмийинлеў, ишимлик суўы тәмийнаты, магистраль ҳәм ишки жолларды оңлаў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, мектеп ҳәм медицина дәргайларын оңлаў сыяқлы көп санлы анық мақсетли режелер, жамалы күннен-күнге жаңаланып атырған Қарақалпақстанда жасаўшы көп миллетли халықтың кеўилине абатлық алып киреди, ҳәзирги абадан турмысына, ертеңги нурлы келешегине тийкар болып хызмет етеди.
Қысқа айтатуғын болсақ, бүгин биз Қарақалпақстанлылар мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған итибар, жаратылып атырған имканият, берилип атырған жеңилликлер, халықтың бүгини ҳәм жас әўлад келешеги ушын исленип атырған ийгиликли басламалар ушын Президентимизден миннетдармыз.
Нурлыбай Қайыпбергенов,
Өзбекстан «Адолат» СДП
Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги