Арал тенизиниң курып калған ултаны ҳәм халық жасайтуғын елатлы пунктлерди көклемзарластырыўда орынлардағы тоғай хожалығы хызметкерлериниң атқарып атырған хызметлери айрықша болып табылады.
Мәмлекетлик тоғай хожалығы хызметкерлериниң өз исине жуўапкершилик пенен қараўы ҳәм пидайы мийнетлериниң арқасында бүгинги күни жылдан-жылға суўы тартылып қурып баратырған Арал теңизи ултанында шөлге шыдамлы ҳәр қыйлы терек ҳәм өсимлик нәллери егилип, елимизге қум-шаң аралас көшкилердиң көшиўиниң алды алынбақта.
Бундай үлгили жумыслар Тахтакөпир районы мәмлекетлик тоғай хожалығы жәмәәти тәрепинен де алып барылмақта.
-Усы жылдың басынан берли Арал тенизиниң қурып қалган ултанында «Жасыл қапламалар» жаратыў мақсетинде мәдений тоғайлар жаратыў ҳәм нәлханаларда егиў ушын 18971 кг сексеўил, қарабарақ, балықкөз ҳәм қандым туқымлары таярланып, олар белгиленген аймақларға егилди,-дейди тоғай хожалығы директоры Базарбай Турдыбаев.- Сондай-ақ, Арал бойында жасаўшы елатлы пунктлер ҳәм егислик майданларды еспе кумлардың басыўынан қорғаў мақсетинде, 20 гектар майданда қамыстан механикалық тосықлар исленди. “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде райондағы мәкеме ҳәм шөлкемлерге 331млн сумлық 35000 түп ҳәр қыйлы саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери жеткерип берилди. Сондай-ақ, 10000 түп нәл аймақта жасаўшы кем тәмийинленген, көп балалы шаңарақларға тарқатылды.
Соның менен бирге, тоғай хожалығы әтирапында 0,1 гектар майданға ыссыхана жаратылып, онда жылына еки мәрте өним алынбақта. Атап айтатуғын болсам, ыссыханада жылына 11,6 тонна помидор ҳәм 7,3 тонна қыяр жетистирилмекте. 0,01 гектар майданға жамбыл ҳәм райхан сыяқлы дәрилик өсимликлердиң тукымлары егилип, олар ҳәзирги ўақытта бир тегис өнип шықпақта.
Әлбетте, тоғай хожалығы тәрепинен алып барылып атырған жумыслардың нәтийжели болыўында, өз тараўы бойынша жетик билим ҳәм тәжирийбеге ийе кадрлар ҳәм заманагөй материаллық-техникалық базаның тутқан орны айрықша болып табылады.
-2020-2021-жыллары БМШтың раўажландырыў бағдарламасының Қарақалпақстандағы қоспа жойбары тийкарында, нәлхана жаратыў ҳәм Арал теңизи ултанына сексеўил егиў ушын жаңадан 16 түрли заманагөй арнаўлы техникалар алып келинди,-дейди Базарбай Турдыбаев бизди хожалықта жүз берип атырған жаңа өзгерислер менен таныстырып.- Бурын жәмәәтимиз жылына Арал теңизи ултанындағы 2200 гектар жерге шөлге шыдамлы өсимликлер еккен болса, заманагөй техникалар алып келингеннен соң бул көрсеткиш 4,500-5000 гектарға көбейди. Нәлханаларымыздың көлеми 12 гектардан 45 гектарға жетти ҳәм 8-10 тонна туқым орнына, 55-60 тонна туқым жетистирилмекте. Сондай-ақ, өткен жылы республикалық бюджеттиң 1млрд 200 млн сумлық қаржысы есабынан тоғай хожалығының кеңсе имараты капитал оңлаўдан шығарылып, керекли мебельлер менен тәмийинленди. Сондай-ақ, кеңсемизге 5 ватть қуўатлылыққа ийе қуяш панели алып келип орнатылды. Бул әлбетте, жумысымыздың нәтийжели болыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизбекте.
-Бурын Россия ҳәм Қазақстанда ыссыханаларда помидор, қыяр, лимон ҳәм тағы басқа да өсимликлерди өсирип, ол жақта тәжирийбе арттырдым,-дейди тоғай хожалығы хызметкери Сәтлимурат Тилемисов.- Усы тәжирийбемди ен жайдырыў мақсетинде, тоғай хожалығына жумысқа шақырылып, мине бир неше жылдан берли ыссыханада жумыс ислеп киятырман. Бүгинги күнге шекем ыссыханада жылына еки мәрте өним алып атырмыз. Ҳәзир помидорларымыз түйнеклеп, лимон ҳәм қыярларымыз бир тегис гүллеп атыр. Олардың бир тегис раўажланыўы ҳәм ҳәр тәреплеме сапалы болыўында биогумус төгинлериниң тутқан орны айрықша. Сонлықтан хожалық жерине калифорния қуртлары алып келинип, олар көбейтилмекте ҳәм олардан сапалы төгинлер таярланбақта.
Ҳақыйқатында да Тахтакөпир районы мәмлекетлик тоғай хожалығында алып барылып атырған бундай өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, елимизде жүргизилип атырған реформалардың нәтийжеси десек болады. Буны бүгин ҳәмме тереңнен аңлап, түсинип жетпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы