Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын Кегейли районындағы «Ақтуба текстиль» кәрханасынан баслады.

Алдын бул районда санаат улыўма жоқ еди. Экономиканы структуралық жақтан өзгертиў бойынша исленип атырған жумыслар, аймақлар аралық бирге ислесиў нәтийжелери бул жерде де сезилмекте. Атап айтқанда, әндижанлы исбилерменлер менен биргеликте үш жойбар иске қосылды.

Олардан бири – «Ақтуба текстиль» жылына 3 миллионнан аслам трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Оның ушын Германия, Япония ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған. 500 жумыс орны жаратылған. Жылына 6 миллион долларлық өним экспорт етиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, жумысшы ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Шетки аймақларда бундай жаңа кәрханалар ашылып атырғаны, ҳаял-қызлардың жумыс пенен тәмийинленип атырғанының әҳмийетин атап өтип, оны даўам еттириў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Кәрхананың өзинде кәсип-өнерге қайта таярлаў оқыў орайы шөлкемлестирилген. Онда жақын мәҳәллелердеги жумыссыз пуқаралар өнер үйренип, өз жолын табады.

ӨзА