Таңлаўдың округлик жеңимпазы анықланды

Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Мен үлгили әскерий шаңарақтың бийкесимен!” сүрени астында “Бәрекалла, ҳаяллар” таңлаўының Арқа-Батыс әскерий округи басқышы болып өтти.
Мәмлекетимизде жәмийеттиң ажыралмас бөлеги есапланатуғын заманагөй шаңарақты раўажландырыў, шаңарақ институтын және де беккемлеў, улыўма инсаныйлық, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге терең ҳүрмет ҳәм сыйласықты беккемлеў, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының мәдений дем алысларын тәмийинлеў, олардың руўхый дүньяға көзқарасларын кеңейтиў, интеллектуаллық потенциалларын және де арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған “Бәрекалла, ҳаяллар” таңлаўында жәми алты қатнасыўшы сахнада өзлериниң шеберлигин көрсетти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды және де жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының санасында тарийхымыз, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге терең ҳүрмет сезимин оятыў, олардың арасында саламат бәсекилик орталығын жаратыў мақсетинде Қорғаныў министрлиги бөлимлеринде өткерилип атырған “Бәрекалла, ҳаяллар” таңлаўы бүгинги күнде кең тарқалып, қатнасыўшылар ҳәм тамашагөйлердиң меҳирин ийелеп үлгерди.
Таңлаў режесинде белгиленген қағыйдаларға бола шаңарақ бийкелери “Мен бахытлы ҳаялман”, “Шебер үй бийкеси”, “Дартс”, “Ҳаял – гөззаллық тымсалы”, “Шебер ҳаял” ҳәм “Баҳру байт” шәртлери бойынша өз-ара беллести.
Жарыстың “Мен бахытлы ҳаялман” шәртинде қатнасыўшылар көркем өнер шеберлигин көрсетип, қосықлар ҳәм халық ойынлары жәрдеминде өз шаңарақларын таныстырыўы керек болды.
“Шебер үй бийкеси” деп аталған таңлаўдың екинши шәртинде қатнасыўшылар реңли ийирилген жиплер менен пишиў усылында ҳәр қыйлы безеўлерди тоқыды.
“Уқыплы ҳаял” ҳәм “Бахру байт” шәртлеринде қатнасыўшылар төрешилер тәрепинен берилген қосымша шәртти тез ҳәм зийреклилик пенен орынлаўы, миллий ҳәм эстрада бағдарындағы қосықлардан үзиндилерди жанлы атқарыўы керек болды. Ал, “Ҳаял – гөззаллық тымсалы” шәртинде қатнасыўшы ҳаяллар миллий шаш түйдегин жаратыў бойынша беллести. “Дартс” деп аталған шәртте олар спорт менен шуғылланатуғынлығын 3 метрлик аралықтан бес дана найзаны нышанға ылақтырыў менен көрсетти.
Қатнасыўшылардың шығыўлары, таңлаў шәртлерин орынлаўдағы зийреклилиги, шаққанлығы төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Таңлаўда 3-дәрежели сержант Шерзод Ешбоевтың өмирлик жолдасы Гулсанам Жонибекова округ басқышында сыйлы 1-орынды қолға киргизип, Қорғаныў министрлиги басқышына жоллама алды.
“Бәрекалла, ҳаяллар” таңлаўының барлық қатнасыўшылары номинациялар бойынша әскерий округ сәркардалығының ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Соның менен бирге, оларға Кәсиплик аўқамының да естелик саўғалары тапсырылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги