Қызларымыз Өзбекстан кубогиниң жеңимпазы

348

Усы жылдың 17-22-февраль күнлери Әндижан ўәлаятында баскетбол бойынша ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан кубоги болып өтти.

Оған мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан  баскетбол командалары қатнасты.

Соның ишинде, бул жарысқа жеңимпазлыққа тийкарғы даўагерлерден есапланған республикамыздың қызлар командасы да қатнасып, онда барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болды. Атап айтқанда, республикамыз командасы Наўайы, Наманган, Жиззақ, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятының «АГМК» командалары менен күш сынасып, оларды жеңип шығыўға еристи ҳәм Өзбекстан кубоги ийесине айланды.

-Буннан алдынғы өткерилген Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоги жарысларында спортшыларымыз чемпион болып көрмеген еди,-дейди команданың бас тренери Жамийла Баймуратова.- Мине 2025-жылы командамыз ушын әўметли басланды ҳәм тарийхта биринши мәрте биринши орынды ийелеўге миясар болдық. Қызларымыздың бундай үлкен табысларды қолға киргизиўинде, маған жәрдемши тренер болған Алима Жийемуратованың да салмақлы үлеси бар. Сонлықтан барлық командамыз ағзаларына ҳәм тренерлеримизге үлкен рахмет айтаман.

Алдағы ўақытлары командамыз ағзалары арасынан халықаралық дәрежедеги спортшылар өсип жетилисетуғынлығына беккем исенемен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги