Қырғызстан ҳəм Тəжикистан арасында тарийхый шегара шəртнамасына қол қойылды

Бишкекте қырғыз -тəжик шегарасын делимитациялаў ҳаққындагы ҳүжжетке Қырғызстан Миллий қəўипсизлик мəмлекетлик комитетиниң басшысы Қамчыбек Ташиев ҳəм Тəжикистан Миллий қəўипсизлик мəмлекетлик комитетиниң басшысы Саймўмин Ятимов тəрепинен қол қойылды. Бул ҳаққында “ AKIpress ” басылымы хабар бермекте.
Ала-Арча мəмлекетлик резиденциясында болып өткен ушырасыўда бир қатар ҳүжжетлер – Мəмлекетлик шегара ҳақкындағы шəртнама ҳəм ҳүкиметлер аралық энергия объектлери ҳəм суў ресурслары бойынша келисим, соның менен бирге, кесилиспелердеги автомобиль жолларынан пайдаланыў ҳəм жаңа жолларды қурыў ҳақкындағы келисим таярланған.

– Бүгин қырғыз ҳəм тəжик халықлары ушын айрықша тарийхый күн,-деди Қырғызстан Миллий қәўипсизлик мəмлекетлик комитетиниң басшысы Қамшыбек Ташиев өз сөзинде. – Биз қырғыз-тəжик шегарасын делимитациялаў бойынша жуўмақлаўшы протоколға қол қойдык. Ҳүжжетлерге енди еки мəмлекеттиң басшылары қол қойыўы керек.
Өз гезегинде, Тәжикистан Миллий қәўипсизлик мəмлекетлик комитетиниң басшысы Саймўмин Ятимов шегараларды делимитациялаў ҳəм демаркациялаў ҳаққындағы парафирленген шəртнама ең әҳмийетли тарийхый ҳүжжет екенлигин атап өтти.

– Жүдə қурамалы жумыс логикалық жуўмағына жеткерилди, – деди ол.- Келисим əмелге асса, еки қоңсылас республика арасындағы шегара машқаласы бойынша жүз жыллық келиспеўшиликке ноқат қойылады. Бул тарийхый ҳүжжетлер халықларымыздын мəпине хызмет етеди.

Ў.Алимов, ӨзА