Microsoft топологиялық ядролы квант процессорын усынды

Microsoft дүньядағы биринши топологиялық ядролы квант процессоры – Majorana 1’ди усынды. Революциялық технология 17 жыл даўамында ислеп шығылды.
Топопроводниклер алдын тек ғана теорияда бар болып, заттың жаңа жағдайына – топологиялық оғада өткериўшеңликке ерисиў имканиятын береди. Бул квант компьютериниң тийкарын қурайтуғын еле де исенимли ҳəм кеңейтилиўи мүмкин болған кубитлерди жаратыў мүмкиншилигин береди.
Атап өтилиўинше, ҳәзирги күндеги барлық компьютерлер биргеликте ислесе де, бир миллион кубитли квант компютери атқара алатуғын жумысты əмелге асыра алмайды. Бул микропластиклердиң бөлиниўи мəселелерине шешим табыўға ямаса қурылыс, санаат ҳəм денсаўлықты сақлаў тараўларында өзин-өзи тиклейтуғын материалларды ойлап табыўға жəрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги