Европарламент: Европа енди АҚШқа сүйенбеўи керек

170

Европа Аўқамы улыўмалық мәпти қорғаўда буннан былай АҚШқа сүйенбей, керисинше, қәўипсизликти тәмийинлеў жуўапкершилигин өз қолына алыўы зәрүр. Бул мазмундағы билдириў Европарламент ири фракциялары тәрепинен Ар-Риёдта алып барылған АҚШ – Россия сөйлесиўине мүнәсибет болып табылады.

 – Соңғы ўақыялар, атап айтқанда кеше Саудия Арабстанында АҚШ ҳəм Россия Федерациясы ўәкиллери арасында болып өткен дəслепки келисим тийкарында сиясий өзгерислер көрсетип атырғанындай, ЕА енди ағза мəмлекетлердиң улыўма қəдирияты ҳəм мəпин қорғаў ушын толық Америка ҳүкиметине сүйенбеўи, қорғаныў, қәўипсизлик мəселелерин еллеримиз өз мойнына алыўы керек,- делинеди билдириўде.  – Мысалы, əскерий қаржыны көбейтиў ҳəм муўапықластырыў бойынша қыстаўлы шаралар көриў зəрүр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги