«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди

2025-жыл 20-февраль күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Нызамы (ӨРН-1032-санлы) менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға бир қатар әҳмийетли қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди. Бул өзгерислер ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў тараўы ҳәм сырт ел коммерциялық шөлкемлериниң аккредитациясына байланыслы мәселелерди қамтып алды.
Нызамға муўапық, ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилерге тийисли пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судларға даўа арза, арза яки шағым менен мүрәжат етилгенде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў тәртиби енгизилди. Бул өзгерис ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў тараўындағы тартыслы мәселелерди суд арқалы шешиўди жеңиллетиўге қаратылған. Бул норма, жеткерип бериўшилердиң ҳуқықларын қорғаў ҳәм олардың қарызларын өндириў процесинде артықша қаржылай жүкти азайтыўға хызмет етеди.
Соның менен бирге, егерде ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилер тәрепинен берилген даўа арзалар толық яки бир бөлеги бийкар етилсе, бул жағдайда олардан мәмлекетлик бажы өндирилиўи белгиленди. Бул қағыйда суд исин әдиллик пенен шешиў ҳәм тәреплер арасындағы қаржы жуўапкершилигин тәмийинлеў мақсетинде киргизилди.
Нызам менен сырт ел коммерциялық шөлкемлериниң Өзбекстан аймағындағы ўәкилханаларын аккредитациялаў тәртибине де анықлық киргизилди. Енди бул шөлкемлер ҳәр бир жыл ушын аккредитацияға байланыслы мәмлекетлик бажыны төлеўи шәрт болады. Бул болса сырт ел шөлкемлериниң мәмлекеттеги жумысын муўапықластырыў ҳәм қаржылай тәртип-қағыйданы күшейтиўге қаратылған.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди ҳәм усы тараўларда жумыс алып барып атырған шөлкемлер ҳәм пуқаралар ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди. Бул өзгерислер энергетика тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиў процесслерин жақсылаўға қаратылған әҳмийетли қәдем болды,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги