Қытайда жаңа коронавирус анықланды – адамларға жуғыўы мүмкин
254
Қытайлы вирусологлар жарғанатлардың жаңа коронавирусын анықлады, ол да COVID-19 сыяқлы адамларға жуғыўы мүмкин. Бул ҳаққында South China Morning Post хабар берди.
Бул вирус Гонконгта япон жарқанатында биринши мәрте анықланған HKU5 коровирусының жаңа тармағы есапланады.
Қытай илимлер академиясының Гуанчжоудағы бөлими, Ухан унтверситети ҳәм Ухан вирусология институтының илимпазлары Гуанчжоудағы лабораторияда вирусты тереңлестирип үйренди. Атап өтилиўинше, жарқанатлардан алынған жаңа вирус адам клеткаларын зыянлай алады.
Ҳәзирше қәўетерге орын жоқ, бирақ және де тереңирек изертлеўлер өткерилиўи керек, делинбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги