Тахтакөпир районы Мәденият орайында «27-март – Халықаралық театр күни» мүнәсибети менен Нөкис қаласы ҳәм районлық мәденият бөлимлериниң ҳәўескер халық театры жәмәәтлери ҳәм қуўыршақ театр жәмәәтлери арасында Республикалық таңлаў болып өтти.
Оған республикамыздың барлық аймақларынан театр жәмәәтлери өзлери тәрепинен таярланған қызықлы спектакльлер менен қатнасты.
Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында халық театрлары арасында Хожели районы мәденият бөлимине қараслы А.Халимов атындағы халық театры 1-орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, Кегейли районы мәденият бөлими жанындағы халық театры ҳәм Тахтакөпир районы мәденият бөлиминиң Ш.Өтемуратов атындағы халық театры 2-орынды, Шымбай районы мәденият бөлиминиң Г.Шеразиева атындағы халық театры, Қоңырат районы мәденият бөлиминиң Ә.Өтепов атындағы халық театры ҳәм Нөкис қаласы мәденият бөлими жәмәәтлери 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Қуўыршақ театрлары арасындағы таңлаўда болса, Нөкис қаласындағы Үлгили балалар, Төрткүл районындағы «Болажан» ҳәм Қараөзек районындағы қуўыршақ театрлары жәмәәтлери 1-2-3-орынларды ийелеўге миясар болды.
Таңлаў соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы