Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен Хожели районының Күн нуры ҳәм Пәрўаз мәкан пуқаралар жыйынларында жасайтуғын кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралар ушын ифтарлық дастурханы жайылды.

Президентимиздиң 2023-жыл 21-марттағы «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип өткериў ҳаққында»ғы қарарында адамгершилик, инсан қәдирин улығлаў, жақсылық ҳәм меҳир-сақаўат сыяқлы пазыйлетлерди көрсететуғын, ҳәзирги күнги тыныш ҳәм татыў турмысымызды қәдирлеў, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде, пүткил елимизде мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж адамларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги белгиленди.

Мүтәж шаңарақлардың ўәкиллери ушын шөлкемлестирилген ифтарлық халқымызға тән адамгершиликтиң жоқары көринисин өзинде сәўлелендирген қәдириятларымыздың бири болды. Онда Рамазан айының пазыйлетлери, бүгинги күнде инсан қәдирин улығлаў бағдарындағы өзгерислер ҳаққында сәўбетлести.

Ифтарлықта районлық «Муҳаммад Кәрим» жәмәәт мешитиниң имам-хатиби Т.Хожамуратов ҳәм басқалар Президентимиздиң басламасы менен Рамазан айында әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли илажлар жәмийетимизде тынышлық, дослық, меҳир-мүриўбет, кеңпейиллик орталығын беккемлеўге хызмет ететуғынлығын атап өтти.





Республикамыздың қала ҳәм районларында, алыс аймақларында ҳәкимликлердиң, диний мәкемелердиң жуўапкерлери, имам-хатиблердиң қатнасыўында ифтарлықларды өткериў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги