Елликқала районында жолаўшы поезды 44 жасар пуқараны басып кетти.
Ўақыя усы жылдың 24-март күни саат 16:00 лерде 053-санлы «Қоңырат-Ташкент» жөнелисиндеги жолаўшы поезды «Елликқала-Төрткүл» бәндиргилери аралығы 552-километриниң 5-тосықлығында ҳәрекетленип атырған ўақтында жүз берген.
Мәлим етилиўинше, 1979-жылы туўылған пуқара Х.Ш. абайсызлығы себепли поезд жолына шығып қалған ҳәм нәтийжеде поезд басып кеткен. Пуқара Х.Ш. алған тән жарақатлары нәтийжесинде ўақыя орнында қайтыс болған.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша Аралбойы транспорт прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги