26-март – Халықаралық Арал теңизи күни

Арал теңизи ҳаққындағы дәслепки жазба мағлыўматлар зардуштийликтиң муқаддес китабы «Авесто»да ушырайды. «Авесто»да суў ҳәм зүрәәт қудайы Ардивиге бағышланған қосықта келтирилген Вурукша теңизи ҳәм оған қуйылатуғын Арьянам ҳаққында мағлыўматларды Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья менен байланыстырыўшы пикирлер бар.

Антик дәўир грек ҳәм рим авторлары да Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар қалдырған. Арал теңизин Каспийдиң «Скифия қолтығы» деп атаған. Белгили археолог алым С.П.Толстов: «Каспий теңизиниң скиф қолтығы антик авторларының түсинигинше, ҳәзирги Арал теңизи жайласқан аймақты қамтып, шығысқа қарай созылып жатады. Антик дәўирдеги әдебиятларда «Окс көли», «Окс батпақлығы» деген түсиниклер ушырайды. Булар да Арал теңизи болыўы мүмкин»,-деген пикирди илгери сүреди.

Антик дәўир тарийхшысы Клавдий Птоломей де Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар қалдырған. Ол Соғд таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын Окс пенен Яксарт дельтасының аралығындағы Оксиан көлин атайды. Көл оның картасында да көрсетилген.

Ал Плиний болса «Окс пенен Яксарт Согд жеринен Скиф шөлин бойлап ағып, скиф теңизине қуяды», – деп жазған. Ерте дәўирдеги белгили алым Клавдий Птоломей де Арал теңизи хаққында бир қанша мағлыўматларды жазып қалдырған. Ол Согд таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын (Птоломей солай түсиндирген) Окс пенен Яксарттың өзеклериниң аралығында жатқан Оксиян көлин айтып өтеди. Көл оның картасында да көрсетилген.

Византия елшиси Земарх Килийский түрк қағанлығына барған сапарында «Көлдиң қумлы жағалаўлары менен 12 күн даўамында жүрип өткенин» жазған. Рус шығыстаныўшысы В.Бартольд бул Арал теңизи болыўы мүмкин деп болжайды.

Арал теңизи ҳаққында IX-X әсирлердеги араб изертлеўшилери- ибн Хордадбек, ибн Русте, Масуди, Истахри, ибн Хавкалдың қалдырған мағлыўматлары жүдә әҳмийетли. Ибн Хордадбек «Китаби-ал-масалик вал-мамлик» (Саяхатлар менен мәмлекетлер китабы) атлы мийнетинде Әмиўдәрьяны Жәйҳун, Арал теңизин Кардер көли деп атайды.

Арал теңизин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм географиялық жақтан толық изертлеў XVI әсирден кейин басланды. XVII жасаған Хийўа ханы Абылғазы Баҳадурхан өз шығармаларында Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар берип өткен. Ол Әмиўдәрьяның XVI әсир ақырына шекем Каспий теңизине қуйғанлығы ҳаққында жазып қалдырған.

Арал теңизи ҳаққында 1627-жылы ислеп шығылған Москва мәмлекетлик картасынан да мағлыўмат аламыз. Онда Арал «Көк теңиз» деген ат пенен берилген.

XVIII әсирден баслап Россия империясы Орта Азия ҳәм Қазақстан жерлерин үйрениў мақсетинде экспедициялар шөлкемлестире баслады. 1740-1741-жыллары Сырдәрья ҳәм Арал жағалаўларына жиберилген И.Муравин басшылығындағы экспедиция Арал теңизи ҳаққындағы мағлыўматлары бир қанша анықластырады. Ол дәслепки мәрте Арал теңизиниң шығыс жағалаўларын картаға түсирген. XVIII әсир даўамында М.Бекчурин, Т.С.Бурнашев, А.С.Безносиковлар өз саяхатлары негизинде теңиз ҳаққында мағлыўматлар берди.

Арал флотилиясының дүзилиўи Патша Россиясының Орта Азия жерлерине актив ҳәрекет етиўине мумкиншилик жаратты. Әсиресе Арал тенизине жакын жайласқан Хийўа ханлығын үйрениў ҳәм ҳалықтың суў жолынан пайдаланыў ушын Патша Россиясы бир қанша елшиликлерди шөлкемлестирди. Петр I дәўиринен баслап Арал теңизи батыс Европа карталарында көрсетилип өтилетуғын болды. 1740-жылы Гладышев ҳәм Муравьев саяхатынан кейин әдеўир анық картасы исленди, соңынан Арал теңизи жағалаўлары ҳәм Хийўа ханлығына бир қанша экспедициялар шөлкемлестирилди олардан Мейендорф (1820) Берг (1825), Гельмерсен (1833) Перовскийдиң Хийўаға экспедициясы (1839) Данилевский (1841-1842) ҳ.т.б

1847-жылы Арал флотилиясы дүзилгеннен кейин Арал теңизин систематикалық изертлеўлер А.И. Бутаков тәрепинен алып барылды. А.И. Бутаков Арал теңизи ҳәм Әмударьяның  фото сүўретлерин алды. Сондай-ақ А.И. Бутаков тәрепинен арал теңизи жағалаўларындағы атаўлар анықланды. Арал тенизиниң толық картасы Бутаков изертлеўлериниң негизинде 1850-жылы шығарылады.

Арал теңизи әтирапында жасаған халықлардың күнделикли турмысында теңиздиң айрықша орын ийелегенлигин  XIX  әсирде жасаған шайыр Күнхожа өзиниң «Жайлаўым» деген қосыгында:

«Балық аўлап Тохта, Мантық бойынан,

Балық шаншып жазда жүрген ойыннан,

Шаншып сайлап жүрип жайын мойнынан,

Ата-бабам аўқат еткен жайлаўым»- -деп жазса, шайыр екинши қосығында;

«Күним сеннен кешти Арал теңиз,

Ашлық, жаўгершилик жыл-жылдан егиз,

Сексен бир жыл сеннен аўқат еткенбиз,

Арал теңиз сеннен  жоқдур әрманым»- дейди.

Бул келтирилген мағлыўматлардың барлығы XIX ҳәм ХХ әсирдиң басларында Әмиўдәрьяның қуярлығындағы  жерлерде балық аўлаўшылықтың кең көлемде раўажланғанлығын дәлиллейди.

Көрип шыққанымыздай Арал тенизи туўралы дәслепки мағлыўматлар топланыўы оның қарапайым түрде сыпатланыўы менен тән. Бул мағлыўматларды қалдырғанлар арнаўлы теңиз изертлеўшилер емес жолда көрингенин жазған саяхатшылар, жәҳән әдебиятына тийисли дерек жыйнаған жолаўшылар. Сонлықтан бул гезде Арал теңизи ҳаққында анық фактлер тийкарында илимий изертлеўлер болған жоқ деўге болады. Деген менен жердеги тəбият қубылысларының гейбир мағлыўматлардың көрсетиўинше ҳәзирги климатқа усы үлкениң тәбиятының өзгериўи сапасын анықлаўда көп жәрдем болады.

Арал теңизиниң қурып барыў қәўипи жүдә кескин машқала болып қалды. Арал теңизи машқаласы узақ өтмишке барып тақалады. Лекин бул машқала соңғы он жыллықлар даўамында қәўипли дәрежеде өсти. Орайлық Азияның пүткил аймағы бойлап суўғарыў системаларын жедел пәтлер менен қурыў көплеген халық жасайтуғын пунктлерге ҳәм санаат кәрханаларына суў бериў барысында кең көлемдеги апат – Арал теңизиниң набыт болыўының да себебине айланды. Ғәрезсизликке шекем шөл саҳралардан тартып алынған ҳәм суўғарылатуғын жаңа жерлер ҳаққында дәбдебе менен айтылатуғын еди. Ҳақыйқатында булл суў Аралдан тартып алынғанлығы оны, “жансызлантырып қойылғанлығы” ҳеш кимниң ойына келмес еди. Усындай тоталитар дүзим дәўиринде алып барылған сиясат нәтийжесинде Аралбойы экологиялық апат аймағына айланды.

Арал дағдарысы инсаният тарийхындағы ең ири экологиялық ҳәм гуманитар апатлардан бири болып табылады. Теңиз бассейнинде жасайтуғын 50 миллионнан аслам адам оның унамсыз тәсиринде қалды.

Биз 30-35 жыл даўамында дүньядағы ең ири жабық суў бассейнлериниң жоғалып баратырғанлығына гүўа болмақтамыз.  Бирақ бир әўладтың көз алдында пүтин бир теңиз набыт болғаны еле жүз берген емес еди.

1911-1962 жылларда Арал теңизиниң көлеми ең жоқары болып, 53,4 метрди, суўдың көлеми 1064 куб километрди, суўдың жүзеси 66 мың квадрат километрди ҳәм минералласыў дәрежеси бир литр суўда 10-11 граммды қураған еди. Теңиз транспорт, балық хожалығы, климат шараяты жағынан да үлкен әҳмийетке ийе болған. Арал теңизине Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрьядан ҳәр жылы дерлик 56 куб километр суў келип қуйылар еди.

Арал теңизиниң көлеми 20 метр пәсейиўи нәтийжесинде ол енди бир пүтин теңиз емес, бәлким еки қалдық көлге айланып қалды. Оның жағалары 60-80 километрге шегинди. Әмиўдәрья менен Сырдәрьяның дельталары жедел пәтлер менен бузылып бармақта. Теңиздиң суўы қашып кеткен түби 4 миллион гектардан артығырақ майданда көринип қалды. Нәтийжеде және бир “қолдан жасалған” қумлы-шор саҳраға ийе болдық. Самал Арал теңизиниң қурып қалған түбинен дуз ҳәм шаң-тозаңды жүзлеген километрге ушырып кетпекте.

Арал теңизиниң қурып қалған түбиндеги  шаң тозаңлары 1975 жылда-ақ космослық изертлеўлер нәтийжесинде анықланған еди. 80-жыллардың басларынан берли бундай шаң тозаңлар бир жылда 90 күн даўамында гүзетилмекте. Шаң-тозаңлардың узынлығы 400 километр ҳәм ени 40 километр майданға жетип бармақта. Шаң-тозаңлардың тәсир шеңбери болса 300 километрге шекем жетпекте. Қәнигелер берген мағлыўматларға қарағанда, бул жерде ҳәр жылы атмосфераға 15-75 миллион тонна шаң көтериледи.

Булардың барлығы Арал бойы климатының өзгериўине алып келди.  1983 жылдан баслап Арал теңизи балық аўлаўға жарамсыз болып қалды. Жағалаўдың ҳәзирги сызығынан узақта болған балықшылардың қашанлардур қүдиретли теңиз флотилиясының тат басқан қалдықларын, қарабаханаға айланған балықшылар поселкаларын ушыратыў мүмкин.  Бозкөл, Алтынкөл, Қаратма қолтықлары жоқ болып кетти. Ақбеткей архипелагы қурғақлық пенен қосылып кетти.

 

Пайдаланылған әдебиятлар:

  1. Арал тағдыры. Алматы 1988ж.
  2. Бекбулатов А. Из истории географической изученности территории Каракалпакии. Нукус: Каракалпакстан. 1977.
  3. Досумов Я.М. Очерки истории ККАССР (1917-1927гг) Ташкент, 1960
  4. Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968
  5. Кунхожа. Нокис, 1960.
  6. Нурмухамедов М.К. и др. Каракалпаки: Краткий очерк истории с древнейших времен до наших дней. (Нурмухамедов М.К., Жданко Т.А., Камалов С.К) Ташкент: ²Фан², 1971
  7. Өтемисов А. Қарақалпақстан балықшылары. Нөкис, 1979

 

 

Саламат СУЛАЙМАНОВ,

 тарийх илимлериниң кандидаты, доцент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги