Мәмлекетимизде Конституциялық реформалар қызғын түрде даўам етпекте. Бизге белгили, усы жылдың 30-апрель сәнесинде «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының жойбары бойынша Өзбекстан Республикасының референдумы өткериледи.

Бул референдумға таярлық процесслери, референдум ҳәм сайлаўдың айырмашылықлары, пуқаралардың референдумда қатнасыў тәртиплери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы секретариатының басшысы Худоёр Маматов пенен сәўбетлестик.

– Бәринен бурын, референдум ҳәм сайлаўдың айырмашылықларына тоқталып өтсеңиз.

– Ҳәр еки институт та сиясий институт сыпатында пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыў менен байланыслы мәселе болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Сайлаў кодексине муўапық, Өзбекстан Республикасы пуқаралары мәмлекетлик жумысларды басқарыўда тиккелей ҳәм пропорционал қатнасыўы мүмкин. Тиккелей қатнасыў бул – мәмлекетлик басқарыўда белгили бир лаўазымларда ислеў ямаса сайлаў процесслеринде мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларын қәлиплестириўде, яғный парламентлик ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан сыпатында қатнасыў ҳәм сайланыў арқалы қатнасыўы мүмкин.

Ол ямаса бул талабанға даўыс бериў арқалы да пуқаралар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды басқарыўда қатнасады. Мәселен, парламентлик сайлаўларда сиясий партиялар арасында өз-ара гүрес барады. Пуқаралар партиялардың бағдарламалары ямаса мақул болған талабанға даўыс береди. Нәтийжеде сайланған ўәкиллери арқалы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда қатнасады.

Рефередум ҳәм сайлаўдың өзгешелиги төмендегилерде белгили болады: референдумда мәмлекет турмысы ушын ең әҳмийетли болған мәселелер бойынша нызам ямаса қарар қабыл етиў мәселеси улыўма халықлық даўысқа, яғный пуқаралар даўыс бериўи ушын қойылады. Бул процессте пуқаралар еркин ҳәм ықтыярлы түрде өз  мүнәсибетин билдиреди.

Сайлаўда болса бир неше талабанлар усынылады, пуқараларға өзлерине мүнәсип талабанды таңлаў имканияты бериледи. Демократиялық сайлаўлар саламат бәсеки орталығында, бир емес, бир неше талабанлар қойылған ҳалда өткерилиўи зәрүр.

– Демек, өз-өзинен сайлаў ҳәм референдум бюллетенлери де бир-биринен өзгешеленеди. Ҳәзирги референдум бюллетени қандай түрде болады?

– Рефередум бюллетенине референдумға қойылып атырған мәселениң тексти ямаса сораўнамасы киргизиледи. Быйылғы референдумға тоқтап өтсек, «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының жойбары Өзбекстан Республикасы референдумына қойылмақта. Соның ушын бул референдум бюллетенинде «Сиз «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының жойбарын қабыл етесиз бе!» деген сораў қойылады.

Айрықша итибар бериў керек, «мақуллайсызба», «қоллап-қуўатлайсызба» түринде емес, мине усы, «қабыл етесиз бе» көринисинде сораў қойылады. Себеби, нызамшылығымыздағы тәртиплерге бола, бәринен бурын, парламенттиң өзи Конституцияны да, нызамларды да қабыл етиў ўәкиллигине ийе. Екинши жолы болса улыўма халықлық даўыс, яғный референдум арқалы да нызамларды қабыл етиў мүмкин. Соның ушын «қабыл етесиз бе» деген сораў қойылады.

Даўыс бериўши қәлеўи ҳәм ерк-ықрарының вариантлары «аўа» ямаса «яқ» ямаса «разы» ямаса «қарсы» деп көресетиледи. Конституциялық нызам жойбары бойынша өткерилетуғын референдумда пуқараларымыз «аўа» жуўабын белгилейтуғын болса ҳәм бул 50 проценттен артық даўысты қураса, Конституциялық нызам жойбары қабыл етиледи ҳәм мәмлекетимиздиң жаңа редакциядағы Конституциясы ҳәрекетке енгизидеди.

 – Референдумға таярлық көриў бойынша қандай илажлар алып барылмақта?

– Парламент тәрепинен референдум өткериў ҳаққында қарар қабыл етилгеннен кейин Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў басқышларын өзинде сәўлелендирген календарь режесин тастыйықлады. Ҳәзирги ўақытта соған муўапық таярлық жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақларының шегаралары шеңберинде референдумды өткериўши 14 округ шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, референдумды өткериўши округлик комиссиялары сондай-ақ, олардың жеке қурамы тастыйықланды.

Нызамшылығымызға бола, парламентлик референдумды белгилеў ҳаққындағы қарары қабыл етилгенинен кейин 25 күннен кешиктирместен референдумды өткериўши участкалық комиссиялар шөлкемлестириледи ҳәм олардың ағзалары тастыйықланады.

Референдумды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясы, референдумды өткериўши округлик ҳәм участкалық комиссиялар жуўапкер болып есапланады.

Референдумның ашық-айдын, әдалатлы өтиўинде ғалаба хабар қураллары да әҳмийетли орын ийелейди. Соның ушын ҒХҚ ўәкиллерин аккредитациядан өткериў бойынша да Реже тастыйықланған. Оған бола, референдум жәрияланғаннан баслап референдум күнине 10 күн қалғанға шекем  ҒХҚ ўәкиллери аккредитациядан өтиўи тийис болады.

Сондай-ақ, референдумның миллий ҳәм халықаралық талапларға муўапық өтиўин тәмийинлеўде бақлаўшылар институты да бар. Яғный, жергиликли ҳәм халықаралық бақлаўшылар нызам талаплары тийкарында аккредитациядан өтип, процесслерди әдил бақлап барыўы мүмкин. Олар мүддетинен  алдын даўыс бериў, участкалық комиссиялардың жумысы, референдум күни даўыс бериў сондай-ақ, ең әҳмийетли басқыш – даўысларды санаў процесслерин де бақлаў ҳуқықына ийе болады.

  Референдумда пуқаралардың қатнасыўы оғада әҳмийетли. Усы мәниде пуқаралардың қатнасыў тәртиплери ҳаққында да толық мағлыўмат берсеңиз.

– Ҳәр бир пуқара, бәринен бурын, өзиниң референдум участкасының аймағы қай жерде жайласқанын, онда қатнасыў тәртиплерин билиўи керек. Егер даўыс бериў күнинде өз аймағында болмаса, мүддетинен бурын даўыс бериў имканиятларынан пайдаланыўы мүмкин.

Өткен сайлаўларымызда сынақ тәризинде сайлаў процесслерин басқарыў мәлимлеме системасы жолға қойылған ҳәм бул табыслы әмелге асырылған еди. Онда сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими қәлиплестирилген. Бул дизим тийкарында сайлаўшылар қайсы участкада дизимде турғанлығын билиўи мүмкин.

Және бир жағдай: студентлер, ишки ҳәм сыртқы мигрантларымыз бар, олар сол даўыс бериў күни өзлериниң жасаў аймағында болмаўы мүмкин. Мине, усындай жағдайларда сайлаўшыларымызға оператив интерактив хызмет көрсетиў хызмети бар. Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ямаса Орайлық сайлаў комиссиясының сайты арқалы усы хызметтен пайдаланыўы мүмкин.

Яғный пуқараларға референдум өткериўши участкасын анықлаў ямаса өзгертиў хызметинен пайдаланыў имканияты жаратылған. Пуқаралар өз аймағындағы референдум өтериўши участкаға барып, дизимде бар-жоқлығын анықлаўы мүмкин. Сондай-ақ, Интернет арқалы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер ямаса Орайлық сайлаў комиссиясының сайтына кирип, қайсы участкаға бириктирилгенин анықлаўы мүмкин болады.

Егер пуқаралар өзлери жасап атырған аймақтан басқа аймақтағы участкаға бириктирилген болса, интерактив хызмет көрсетиў хызметиниң кейинги басқышына өтип, сораўнаманы толтырған ҳалда өзлериниң участкасын өзгертиў имканиятына да ийе.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА