Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 201-статьясының екинши бөлиминде, диний мәжилислер, көше жүрислери ҳәм басқа да диний мәресимлер өткериў тәртибин бузғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленген.
Бирақ, соған қарамастан айырым пуқаралар елимизде диний еркинлик толық кепилленген деген мәнисте жоқарыда атап көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислеп, суд тәрепинен жуўапкершиликке тартылып келинбекте.
Буған мысал ретинде, қашқадәрьялы О.А., М.А., самарқандлы Р.Э. наманганлы А.С. , бухаралы М.М., сурхандәрьялы А.А., қоңыратлы Ю.Ж. ҳәм С.Б. лар 2021-жылдың 28-апрель күни Нөкис қаласында өзлери ижарада жасайтуғын жайда ораза айын себеп етип, бир топар болып намаз оқыйды ҳәм Нөкис қаласы Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен ўақыя орнында қолға алынады.
Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судында өткерилген ашық суд мәжилисинде, ҳуқықбузарлардың бул иси ҳәр тәреплеме көрип шығылып, оларға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 201-статьясының екинши бөлими менен базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги