Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Қоңырат районлық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда айдаўшылық гүўалығын алыў ушын болып өтетуғын имтиханнан өткерип қойыўды ўәде еткен пуқара усланды.
Атап айтқанда, “Н.А.” мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң оқытыўшысы У.И. пуқара У.Г. ның исенимине кирип, оны таныслары арқалы айдаўшылық гүўалығын алыў ушын болып өтетуғын имтиханнан өткерип қойыўға 7,5 миллион сум талап етеди. Ол усы пулды алып атырған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги