Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 252 мәҳәлледеги 259 объектте 293,7 миллиард сумлық жумыслардың әмелге асырылыўы белгиленген. Соннан, ишки жоллар бойынша 116 объектте 150,5 миллиард, ишимлик суў тәмийнаты бойынша 60 объектте 99,9 миллиард, ақаба суў тәмийнаты бойынша 1 объектте 0,5 миллиард, электр энергиясы тәмийнаты бойынша 13 объектте 3,0 миллиард, газ тәмийнаты бойынша 9 объектте 0,8 миллиард, спорт объектлери бойынша 14 объектте 7,7 миллиард, басқа да 46 объектте 31,3 миллиард сумлық жумыслардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
– Нөкис қаласы бойынша 44,9 километрлик ишки жолларды оңлаў бойынша 37 миллиард 776 миллион сумлық, ишимлик суў тәмийнаты бойынша 2,1 километрлик тармақларды жаңадан қурыў, 48,7 километрлик тармақларды реконструкциялаў бойынша 7 миллиард 630 миллион сумлық, ақаба суў тәмийнаты системасындағы 0,5 километрлик тармақты реконструкциялаў, электр энергиясы тәмийнаты бойынша 1 объектте 125,0 миллион, газ тәмийнаты бойынша 1 объектте 200 миллион, спорт объектлери бойынша 10 объектте 6,3 миллиард, басқа да 9 объектте 1,4 миллиард сумлық жумыслардың әмелге асырылыўы белгиленген,-дейди Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бөлиминиң қәнигеси Азиз Медегенов.
Бүгинги күнге келип Бестөбе МПЖ аймағындағы 4,86, Қаратаў МПЖ аймағындағы 4,3, Жипек жолы МПЖ аймағындағы 1,115 километрлик ишки жолларды оңлаў, ЩПС, шағыл тас қум араласпасын төсеў жумыслары толық жуўмақланды. Сондай-ақ, ишки жолларды оңлаў, реконструкциялаў, шағыл тас қум араласпасын төсеў бойынша жумыслар Жаңабазар, Бестөбе МПЖ аймақларында алып барылмақта. Жуўазшы МПЖ да көшелердеги тозыўы жеткен ишимлик суў тармақларындағы қубырларды реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Узынкөл МПЖдағы 125,0 миллион сумлық қаржы есабынан 6,2 километрлик электр тармақларын реконструкциялаў, Анасай МПЖ да 150 миллион сумлық 1 жаңа трасформатор қурыў, Анасай МПЖ аймағына ҳәм Анасай каналы көпириниң үстине 408 түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў, Fәрезсизлик, Таң жулдызы МПЖ, 21 ҳәм 23 киши район аймақларында да усы сыяқлы түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў жумыслары толық әмелге асырылды.
Нөкис қаласы ҳәм басқа аймақларда да усы қарарға муўапық белгиленген объектлерде қурылыс, оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги