Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында жаңаланып атырған Конституция, ондағы өзгерислер менен киргизилип атырған жаңа статьяларды түсиндириўге бағышланған ушырасыў болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң жуўаплы хызметкери Т.Рахманов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти, Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының ағзасы Х.Кабулов конституциядағы өзгерислер менен киргизилип атырған жаңа статьялар, сондай-ақ, мәмлекетимизде ҳәзирги ўақытта усы әҳмийетли сиясий мапазға таярлықтың барысына тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, усы жылдың 30-апрель күни конституциялық нызам жойбары бойынша өткерилиўи белгиленген референдум алдынан орынларда жаңаланып атырған Конституция, ондағы өзгерислер менен киргизилип атырған жаңа статьяларды түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.
Жаңа Конституция халқымыздың ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўы жолында беккем ҳуқықый тийкар болып, додалаўларда нызам жойбары бойынша жәми 222 мың 715 усыныс келип түскенлиги, олар тийкарында жойбар жетилистирилип, ақырына жеткерилгени атап өтилди. Атап айтқанда, усыныслардың ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алып, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине байланыслы қағыйдалар үш ярым есеге көбейгенлиги мәлим етилди.
Киргизилип атырған өзгерис және қосымшалардың сиясий-ҳуқықый әҳмийети ҳәм көлеминен келип шығып, жойбарды жаңа редакцияда жәриялаўға барлық тийкарлардың бар екенлиги, соның ушын Конституциялық нызам жойбарының аты “Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында” деп өзгертилгенлиги атап өтилди.
Жуўмақлап айтқанда, халқымыздың абадан турмыс кешириўи, елимиздиң суверен, ҳуқықый, демократиялық ҳәм социаллық мәмлекет болыўын қәлеген ҳәр бир пуқара референдумға бийпарық болмайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги