Елимиздиң келешеги болған жас әўладқа көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамхорлық негизинде Ўатанның раўажланыўы, оның жақты келешегин тәмийинлеўдей уллы мақсет жатады. Атап айтқанда, елимизде жас әўладты, әсиресе, оқыўшы-жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып ержетиўи ушын кең имканиятлар жаратып берилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-сентябрьдеги «Халық билимлендириў системасындағы мектептен тысқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Бәркамал әўлад» балалар орайлары «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери болып қайтадан шөлкемлестирилгеннен соң оқыўшы-жаслардың қәбилетлерин және де жоқары көтериўде, интеллектуаллық потенциалын арттырыўда, бос ўақытларын мазмунлы өткериўде жақыннан жәрдем бермекте.
Бул бағдарда Қоңырат районында да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Мектептиң жумысын және де жоқары басқышқа көтериў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылған зәрүрли жумыслар алып барылмақта.
Бүгинги күнде Қоңырат районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде жәми 7 бағдар бойынша 65 дөгерекке 2 мың 97 оқыўшы қамтып алынған. Атап айтқанда, өнерментшилик ҳәм қол мийнети, техникалық-конструкторлық ҳәм моделлестириў, туризм ҳәм экология, шет тиллери бағдары, дене тәрбия ҳәм спорт, мәденият ҳәм көркем өнер, жоқары оқыў ҳәм мектепке таярлайтуғын дөгереклер жумыс алып бармақта.
-Мектебимизде балаларды ҳәр қыйлы дөгереклерге тартыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылмақта, -дейди Қоңырат районы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң директоры М.Матмуратова. – Мектебимизде шөлкемлестирилген дөгереклердиң сабақларын нәтийжели өткериў ушын зәрүрли шараятлар жаратылған. Барлық қолайлықларға ийе, кең ҳәм жақты ханаларда бир ўақыттың өзинде 200 оқыўшы сабақларда қатнасыўы мүмкин. Мектептиң дөгереклерин басқарыў ушын билимли, өзиниң жумысын жақсы билетуғын, инталы қәнигелер қамтып алынған. Әсиресе, сабақларды қызықлы, алдыңғы ҳәм интерактив усыллар тийкарында өткериўге айрықша итибар қаратылмақта. Сол себепли мектебимиз ҳәмийше оқыўшылар менен толы.
2022-жылы август айында «Бәркамал әўлад» балалар мектеби жәмәәтиниң жедел ис-ҳәрекетлери менен «Басламалы бюджет» жойбарында мектептиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 500 миллион сум жеңип алынды.
Бүгинги күнде жойбардан жеңип алынған қаржы есабынан мектептиң дөгерек ханалары заманагөй техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленбекте. Атап айтқанда, электрон доска, моноблок, принтерлер, фотоҳәўескерлер дөгереги ханасы фотоаппарат, штатиф, реңли принтер, робототехника дөгерек ханасы SТЕАМ инжиниринг, ноутбук, 2 дана стеллаж бенен тәмийинленди. Менталь арифметика дөгереги ушын ноутбук, жоқары оқыў ҳәм мектепке таярлаў дөгереги ушын 50 дана бир адамлық парта, көркем сүўретлеў дөгереги ушын мальверт, планшет алынған болса, пишиў-тигиў дөгереги ханасы оверловка ҳәм тигиў машиналары менен тәмийинленди. Мәжилислер залына стеллаж, кондиционер ҳәм басқа да зәрүрли инвентарьлар алынды.
Бүгинги күн талабынан ҳәм оқыўшылардың усынысларынан келип шығып, велотуризм дөгерегин шөлкемлестириў мақсетинде 10 дана спорт велосипеди, теннис дөгерегин шөлкемлестириў ушын 2 теннис корды алынып, жумыслар қызғын алып барылмақта. Физика ҳәм химия дөгереклери ханаларына «SТЕАМ» билимлендириў лабораториясы шөлкемлестирилип, арнаўлы парта ҳәм отырғышлар алып келинди.
Сондай-ақ, қәўендерлер тәрепинен 5 миллион 100 мың сумлық әдебий китаплар, спорт үскенелери, ҳәр қыйлы реңдеги тоқымашылық жиплери ҳәм компьютердиң қосымша қурылмалары алып берилди.
Районлық «Бәркамал әўлад» балалар мектеби оқыўшыларының билим ҳәм көнликпелерин байытыў, шеберликлерин және де арттырыў бағдарында нәтийжели жумыс алып барылмақта. Жетискенликлеримиздиң саны артып бармақта. Атап айтқанда, Қубла Кореяда болып өткен «International Young Robot Compentions» халықаралық таңлаўында мектептиң робототехника дөгереги ағзасы Б.Барлықбаев Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасып, гран-при кубоги ҳәм медаль менен сыйлықланып, 2020-жылы Россия Федерациясының Москва қаласында болып өтетуғын «Робототрек» таңлаўына қатнасыў ҳуқықын беретуғын сертификатты қолға киргизди. 2021-жылы Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында болып өткен «Деталька» халықаралық таңлаўында санлы технология бойынша робототехниканы раўажландырыў ҳәм нейротехнология бағдары бойынша ҳәм сол жылы Қубла Кореяның Тейджон қаласында болып өткен «Робот мениң достым бол» фестиваль-таңлаўында усы дөгеректиң бир қанша ағзалары қатнасып, екинши орынды ийеледи ҳәм диплом, гүмис медаль, кубок пенен сыйлықланды.
Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары Өзбекстан көлеминде өткерилген «Миллий қәдириятлар» көргизбели фестиваль-таңлаўында, «The future of creators» таңлаўында, «Дөретиўши балалар» фестивалында, «Ойлап табыўшы балалар», «Балаларға бериң дүньяны», «Ғәрезсизлик дөретиўшилери» ҳәм басқа да таңлаўларда жоқары нәтийжелерди көрсетти.
Бир сөз бенен айтқанда, «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери оқыўшылардың ҳәр тәреплеме жетик ҳәм бәркамал инсан болып ержетиўине, олардың өзлери қызыққан тараўлар бойынша билимлерин, шеберлик ҳәм қәбилетлерин көтериўге хызмет етпекте.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери