Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен Ишки ислер министрлиги ҳәм темир жол хызметкерлери менен биргеликте Төрткүл районында өткерилген оператив илажда мәмлекетимиз аймағынан транзит тәризде ҳәрекетленип атырған “Хожент-Волгоград” жөнелисиндеги поезд жолаўшыларының бириниң жанындағы 48 дана пластикалық ыдыста жәми  72 литр арақты вагоннан сыртқа ылақтырып жибергени анықланды.

Товарларды бажысыз алып кириў нормаларына муўапық, физикалық тәреплерге 2 литрден көп болмаған алкоголь өнимлерин алып кириўине рухсат бериледи. Буннан артықшасы ушын белгиленген тәртипте бажыхана төлемлери өндириледи. Бирақ айырым шахсларды бул норма қанаатландырмайтуғын көринеди.

Режеге муўапық, арақтың Волгоградқа жетип барыўы мөлшерленбеген, керисинше мол дәрамат табыў ушын Өзбекстан аймағында түсирип қалдырылыўы  ҳәм шериклер тәрепинен түсирилип қалдырылған жерден арақларды алып кетиўи керек еди.

Тек бул емес, оператив бақлаўға алынған усы жолаўшы поезды   “Рәўшан” ҳәм “Күнхожа” темир жол бәндиргилери аралығында кимсесиз шөл бойлап ҳәрекетленип киятырғанда поезд бақлаўшылары тәрепинен күтилмегенде айрықша тоқтаў ноқаты арқалы тосаттан тоқтатылады. Негизинде бул ҳеш қандай айрықша жағдай емес еди. Әтирапта ҳеш ким жоқлығына исеним пайда еткен вагон бақлаўшыларынан бири 150 дана пластмасса ыдыстағы  225 литр көлемдеги арақты республикамыздың аймағында түсирип қалдырыў ушын поездды атайлап тоқтатқан еди.

Солай етип, бул жағдайда бажыхана төлемлеринен қашқан ҳалда, оның үстине сапасы кепилленбеген, 300 литрге шамалас арақтың нызамсыз алып кирилиўиниң алды алынды.

“Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана постында анықланған жағдайда болса,  виски ишимликлери бажыханашылар билмеслиги ушын көрпе-төсектиң арасына жасырылғаны мәлим болды.  “Волгоград-Ташкент” жөнелисиндеги поезд вагонларын бажыхана тексериўинен өткериў ўақтында жолаўшылардан бири жолаўшы бажыхана деклерациясында ҳәм бажыхана хызметкерлериниң аўыз-еки  сораўында айтылмаған, ҳәр бири 1 литрлик 40 шийше вискиди орынлықтың астына, көрпе ҳәм көпшиктиң ишине жасырғанлығы анықланды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен 2022-жылы ҳәм быйылғы жылдың өткен айлары даўамында анықланған жәми 70 бажыхана нызамбузылыў жағдайында улыўма баҳасы 1 миллиард 164 миллион сумлық спирт ҳәм алкогол ишимликлерин нызамсыз алып кирилиўи айланысына шек қойылғанлығын атап өткен орынлы.

Ҳәзир жоқарыдағы жағдайлар бойынша тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылдмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги