Нөкистеги Нәўпир мәкан пуқаралар жыйынында ҳаял-қызлар арасында дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық ҳәрекетшеңликтиң әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға қаратылған илаж болып өтти.

Денсаўлықты сақлаў системасында кеселликлерди профилактикалаў ҳәм ерте анықлаў әҳмийетли мәселелерден бири болып қалмақта. Усы мәселени шешиўге жәрдемлесиў, орынларда көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў, халықтың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўдиң нәтийжели илажларын белгилеў мақсетинде республикамызда «Саламатлық ҳәптелиги» жәрияланып, барлық қала ҳәм районларда халық арасында дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық ҳәрекетшеңликтиң әҳмийетин түсиндириў илажлары басланды.

-Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен республикамыздағы ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў системасын және де күшейтиў, олардың саламатлығын беккемлеў, ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, медициналық мәдениятын арттырыўға қаратылған «жол картасы» ислеп шығылған, -дейди Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң саламатлық бөлими хызметкери У.Абдикаримова. – Бул илажларда бирлеспемиз шыпакерлери, мединструктурлары ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың шыпакерлери белсене қатнасып, халық, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятламақта. Бүгинги күнде халық арасында дурыс аўқатланбаў нәтийжесинде көбейип атырған қантлы диабет, жүрек-қан тамыр кеселликлери профилактикасының әҳмийети, соның менен бирге, физикалық ҳәрекетшеңликтиң инсан саламатлығына пайдасы түсиндирилмекте.


– Бундай илажлар мәҳәллемиз халқының саламат турмыс тәризи, дурыс аўқатланыў ҳаққында мағлыўматларын толықтырыўға хызмет етеди, -дейди пуқара Х.Досбергенова. – Балаларымыз арасында ушырасатуғын асқазан-ишек кеселликлери ҳаққында да мағлыўматлар алдық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги