Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының баслығы Ш.Шамамбетовтың басшылығында ашық суд мәжилиси өткерилип, онда ҳуқықбузар Ф.Сарсенбаевтың қарсысына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 1842-статьясы ҳәм 241-статьясы менен топланған ҳәкимшилик ис көрип шығылды.
Ис бойынша топланған ҳүжжетлер ҳәм суд мәжилисинде анықланғанындай, пуқара Ф.Сарсенбаевқа тийисли «Samsung A21s» маркалы қол телефонындағы «Instragramm» социаллық тармағындағы «farxad_inb_nuraddin» атамасындағы профилинде диний мазмундағы видеофайлллар ҳәм мағлыўматлар бар екенлиги анықланған. Сондай-ақ, Нөкис қаласы ИИО ЖМБ тәрепинен 2022-жылы 8-ноябрь күни усы видеофайлларды өмирлик жолдасы ҳәм қурдасына жиберип, өзи диний билимге ийе болмастан намаз оқыўды үйреткени анықланған. Ф.Сарсенбаевтан «Samsung A21s» маркалы қол телефоны айғақлы зат ретинде алынған.
Суд-психологиялық, философиялық, филологиялық ҳәм диний-комплексли экспертизасының жуўмағында, айғақлы зат ретинде алынған усы телефондағы диний мазмундағы файллар қадаған етилген диний мазмундағы материаллар қатарына киргизилгенлиги, бирақ Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған етилгенлиги көрсетилген.
Суд мәжилисинде Ф.Сарсенбаев айыбын мойынлап, кеширим сорап, өзине жеңиллик бериўин өтиниш етти.
Суд ҳуқықбузар Ф.Сарсенбаевтың ис ҳәрекети Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 1842-статьясы ҳәм 241-статьясы менен дурыс классификацияланған деп есаплады. Ҳуқықбузарға жаза тайынлаўда оның ис ҳәрекетинен шын кеўилден пушайманлығын, жумыссыз екенлигин ҳәм алдын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмағанлығын жуўапкершилигин жеңиллестириўши жағдайлар деп есаплады. Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 33-статьясын қолланып, статья санкциясында нәзерде тутылған ең аз жәрийма муғдарынан да азырақ жәрийма муғдарын белгилеп, ҲЖҳКниң 34-стаьясына тийкарланып үзил-кесил жаза аўыррақ ҳәкимшилик жазаны нәзерде тутыўшы жәрийма жазасын тайынлаўды лазым, деп тапты.
Суд соның менен бирге, ис бойынша айғақлы зат ретинде алынып сақлаўда турған, орташа сатылыў баҳасы 1 миллион 400 мың сум болған «Samsung A21s» маркалы қол телефонын тийисли тәртипте мәмлекет пайдасына өткериўди лазым деп таўып, Ф.Сарсенбавқа базалық есаплаў муғдарының бир есеси, яғный 300 мың сум муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги