2023-жылы 23-март күни реҳимсиз сум әжел арамыздан белгили илимпаз ҳәм жазыўшы, филология илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан халық билимлендириў ағласы, Бердақ атындағы мəмлекетлик сыйлықтың лауреаты, меҳрибан инсан, пидайы устаз Кеңесбай Алламбергеновты алып кетти.
Кеңесбай Алламбергенов 1954-жылы Қараөзек районында туўылған. 1972-1976-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти, 1976-2012-жыллар аралығында «Жеткиншек» газетасында әдебий хызметкер, кәсип-өнер билим журтында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшы, оқыў ислери бойынша декан орынбасары, қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, факультет деканы, оқыў ислери бойынша проректоры лаўазымларында ислеген. 2013-жылдан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы ҳәм усы институтта шығарылған «Қарақалпақстан муғаллими», соңынан «Илим ҳәм жәмийет» журналларының бас редакторы лаўазымында ислеп, оны жоқары аттестация комиссиясынан дизимнен өткерди. Ол үлкен алым, устаз сыпатында 2 илим докторы ҳәм 10 филология илимлери бойынша философия докторларын таярлады.
К.Алламбергенов өткен әсирдиң 80-жылларынан баслап әдебияттаныў илими тараўларында да табыслы дөретиўшилик мийнет етип келмекте. Ол «Қарақалпақ әдебиятында айтыс», «Қарақалпақ халық дәстаны «Едиге», «Миллий мафкура ҳәм қарақалпақ фольклоры», «Ҳәзирги әдебий жөнелис», «Қарақалпақ әдебияты», «ХХ әсир қарақалпақ әдебияты», «Ғәрезсизлик дәўири қарақалпақ әдебияты», «Кең дүньяға қушақ ашқан жазыўшы», «Мәңги булақ», «Бүлбилзибан уллы шайыр», «Бозатаў» ҳәм тарийхый шынлық» усаған бир нешше монография, сабақлық, оқыў қолланбалары менен бир қатарда 300 ден аслам илимий мақалалардың авторы.
К.Алламбергенов бул тараўда, әсиресе, Едигетаныўшы тюрколог алым сыпатында жәҳән илимий жәмийетшилигине кеңнен мәлим. Ол бул машқалаға Едиге ҳәм «Едиге» дәстанын үйрениўге тыйым салынған сиясаттың ең бийик шоққыларына жетип турған ХХ әсирдиң 80-жылларының орталарында батыл түрде араласып, ғәрезсизлик дәўири басланыўдан-ақ қарақалпақ «Едиге»син пүткил дүньяға таныстырыўға салмақлы үлес қосқан бирден-бир алым дәрежесине еристи. «Едиге» дәстанын үйрениў бойынша Түркстан, Астана, Ақтөбе қалаларында өткерилген халықаралық конференциялардың жанкүйерлериниң бири болып, оның әҳмийетли машқалалары ҳаққында бир қатар баянатлар ислеп, узақ ҳәм жақын сырт еллердиң илимий журналларында бир нешше тезис ҳәм мақалалар жәриялады, дәстанның айырым вариантларын видеотаспаларға түсирип, республикалық журналларда бастырып шығарды, дәстан қаҳарманы Едиге ҳаққында қысқа метражлы тарийхый ҳүжжетли фильмлер жаратыўға қатнасып, илимий мәсләҳәтшилик етти.
Ең баслысы – дәстанның генезиси, жанрлық өзгешелиги, миллий версиялар типологиясы ҳәм поэтикасы мәселелери бойынша 40 (қырық)қа жақын илимий журнал мақалалары менен «Қарақалпақ халық дәстаны «Едиге» («Билим», 1995) атамасында 14 б.т. көлемли монография жәриялап, пүткил дүнья тюрколог алымлары арасында биринши болып (Ташкент, 1997) докторлық диссертация жақлап, илим докторы, профессор илимий дәрежеси ҳәм атақларын алыўға еристи.
Кеңесбай Алламбергенов республикамыз жәмийетшилигине биринши гезекте жазыўшы сыпатында да кеңнен белгили. Ол өзи әдебиятқа кирип келген ХХ әсирдиң 70-жылларынан тартып бүгинги күнге шекем «Қыйын өткел» (1983), «Қуслар қайтқан күн» (1995) повестьлер ҳәм гүрриңлер топламлары менен «Дәрбент» (1985), «Өмир мәўритлери» (1987), «Дәрья тартылған жыллар» (1992) романларын баспадан шығарды. Оның бир қатар повесть, гүрриңлери өзбек, түрк, қазақ, ноғай, рус тиллеринде жарық көрди. Ал, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болған «Дәрья тартылған жыллар» романы 2003-жылы «Қарақалпақ әдебияты» хрестоматиясына енгизилип, Анкарада түрк тилинде басылып шықты. Соңғы жылларда оның авторлығындағы қарақалпақ халық дәстаны тийкарындағы «Әмир Темур ҳәм Ер Едиге», «Қырық қыз» драмалары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театрында сахналастырылды.
Өрнекли шаңарақ басшысы, меҳрибан ата, перзентлерин, шәкиртлерин ўатанға садық инсанлар етип тәрбиялаған әдиўли устаз, педагог алым Кеңесбай Алламбергеновтың жарқын естелиги мудамы бизиң ядымызда қалады.
Оның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, барлық шәкиртлерине терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты ҳәм жәмийетлик шөлкемлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги