Кеше Нөкис қаласында футбол бойынша Өзбекстан Про лигасының 2-тур ушырасыўы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасыныӊ «Арал» командасы ҳәм Әндижан ўәлаятыныӊ «Андижан СГС» командасы майданға түсти.
Ойынды республикамыздың көп санлы футбол ықласбентлери менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев барып тамашалады.
Ойында есап дәслеп мийманлар тәрепинен ашылған болса, кейин ала «Арал» командасы ойын дизгинин өз қолына алды ҳәм есапты теңлестирди.
Кескин беллесиўлерге бай болған ойын жуўмағында 3:2 есабында командамыз жеңиске еристи.
Ушырасыўда Арал командасы қурамында А.Журақулов, С.Қутыбаев, Р.Қалмағанбетовлар гол урған болса, әндижанлылар қурамында А.Ражапбоев, Ш.Жумабоевлар өз есабына гол жаздырып қойды.
Бул ойыннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Арал командасы ағзаларын ҳәм тренерлерин қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы