Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлериниң қатнасыўында ағартыўшылық сабақ ҳәм ушырасыў өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмун-мәниси, ондағы өзгерислер менен қосымшалар ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Дәслеп, бажыхана комитети менен видеоконференц байланыс арқалы басланған ағартыўшылық сабақ даўамында жаңаланып атырған Конституция – елимиздиң абадан турмысы ушын беккем ҳуқықый тийкар болатуғынлығы, онда нәзерде тутылған жаңа тәртип ҳәм принциплер халқымыз ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўы жолында әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Усы жыл 30-апрельде өткерилиўи режелестирилип атырған улыўма халықлық референдум ҳаққында түсиниклер берилди.


Мәжилис күн тәртибиндеги екинши мәселе көрип шығылып, онда басқарманың жеке қәўипсизлик секторының баслығы А.Рўзметов тәрепинен системадағы айырым хызметкерлердиң унамсыз ҳәрекетлери бойынша мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, хызмет ўазыйпасынан пайдаланып,  исленбекши болған жынайы ҳәрекеттиң алды алынғанлығы, коррупцияға қол урмақшы болған хызметкерлердиң қылмысына бола жазаға тартылғаны атап өтилди.

Мағлыўмат ушын, бажыхана уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў, оның алдын алыў бойынша жыл басынан берли 24 мәрте профилактикалық илажлар өткерилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги