Хожели районындағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Бәркамал әўлад» мектебиниң жаңа қосымша имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, район ҳәкими Ж.Ермашевлар шығып сөйлеп, аймақ халқын Наўрыз байрамы ҳәм жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады.

Соңынан мектеп алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары оқыў дәргайының ишки имканиятлары, оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.







Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, заманагөй имарат 100 орынға мөлшерленген болып, мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында улыўма баҳасы 1,5 млрд. сум қаржы есабынан қурып питкерилди.

Ҳәзирги ўақытта мектепте 1268 оқыўшы 7 бағдар бойынша кәсип-өнер сырларын үйренбекте. Илаж даўамында мийманлар мектепте оқыўшылар ушын жаратылған қолайлылықларды жоқары баҳалады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы