Ташкентте 17-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң аппараты ҳәм Қырғыз Республикасы Қәўипсизлик кеңеси секретариаты арасындағы мәсләҳәтлесиўдиң екинши дөгереги болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Виктор Маҳмудов ҳәм Қырғыз Республикасы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Марат Иманкулов басшылығында болып өткен илажда мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик мүнәсибети өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, бир-бириниң мәплерин есапқа алыў ҳәм конструктивлик қарым-қатнас принциплери тийкарында раўажланып атырғаны атап өтилди.
Тәреплер мәмлекетлеримиз басшыларының исенимли ҳәрекети себепли кейинги жыллары өз-ара қатнасықларды түпкиликли жақсылаўға ерисилгени, байланысларымыз мазмуны жағынан байып баратырғаны, көп тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ушын беккем тийкар қойылғанын атап өтти.
В.Маҳмудов сөзиниң алдында Қырғызстан делегациясының барлық ағзаларын жақынласып киятырған Наўрыз әййямы менен қутлықлап, Өзбекстан Қырғызстан менен әсирлер даўамында бизди байланыстырып киятырған қатнасықлар – жақсы қоңсышылық қатнасығы улыўма қәдирият ҳәм мәплеримизди жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.
Мәсләҳәтлесиў ўақтында халықаралық террор, экстремизм, трансмиллий жәмлескен жынаятшылық, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы сыяқлы регионаллық қәўипсизлик пенен байланыслы ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүрес бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өзбекстан – Қырғызстан шегараларын делимитациялаў процесиниң жуўмақланыўы тарийхый ўақыя екени атап өтилди.
Ўәкилликли уйымлардың биргекликтеги ҳәрекетлерин муўапықластырыў еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибине байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиўге қаратылған биргеликтеги қарарлар ислеп шығыў мақсетинде Мәсләҳәтлесиўдиң избе-из механизмин жолға қойыў зәрүр екенлиги айқын тән алынды.
– Бүгинги қәўип-қәтерли дәўирде ушырасатуғын ҳеш бир машқаланы айырым мәмлекеттиң өзи еркин шеше алмайды,-деди өз гезегинде М.Иманкулов. – Соның ушын барлық тараўлар қатарында қәўипсизлик пенен байланыслы мәселелерди шешиўде де бирге ислесиў оғада әҳмийетли. 2019-жылы болып өткен мәсләҳәтлесиўдиң биринши дөгерегинен соң өз-ара байланысларымыз сезилерли дәрежеде тереңлести. Ҳәзирги сөйлесиўлеримиз шериклигимизди және де беккемлейди, деген үмиттемиз.
Илаж даўамында тәреплер қәўипсизлик тараўындағы шерикликти кеңейтиў бойынша улыўма баслама ҳәм усынысларды алға қойды, биргеликтеги жумыслардың нәтийжелилигин турақлы арттырып барыў, пайдаланылмаған потенциалды жүзеге шығарыў арқалы ҳәрекетлерге жаңа, жедел пәт бағышлаў әҳмийетли екенлигин мақуллады.
Тәреплер конструктивлик бирге ислесиўди буннан кейин де қоллап-қуўатлаўға садықлығын, қәўипсизлик тараўындағы Өзбекстан – Қырғызстан шериклигин, соның ишинде, шәртнамалық-ҳуқықый базаны беккемлеў, биргеликтеги әмелий ҳәрекетлер механизмин муўапықластырыў арқалы раўажландырыўға исенимли таяр екенлигин тастыйықлады.
Ушырасыў жуўмағында қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм тереңлестириўге қаратылған анық бағдарлар, илажлар белгиленген Мәсләҳәтлесиў протоколына қол қойылды.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы