Наўрыз сейиллери елимиз бойлап барлық мәкемелерде ҳәм шөлкемлерде, пуқаралар жыйынларында көтериңкилик жағдайында болып өтпекте.
Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде де еки күннен берли Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен «Ҳәр күниң болсын, Наўрыз!» атамасында байрам илажы өткерилмекте.
Илажда миллий тағамлар толы дастурханлардың, миллий қол өнерлери ҳәм кийим-кеншеклердиң көргизбелери орын алып, Наўрыз байрамы ҳаққында мағлыўматлар бериўши сахналық көринислер қойылды.
– Бирлеспемизде Наўрыз байрамы ҳәр жылы усындай дәрежеде көтериңкилик жағдайында өтеди. Илажға тараў ветеранлары, жасы үлкенлер мирәт етиледи, миллий тағамларға толы дастурханлар жайылып, бирлеспеде жумыс ислеп атырған ҳәр бир хызметкердиң кеўилли ҳәм мазмунлы дем алыўы ушын шараятлар жаратылады,-дейди Нөкис қаласы көп тармақлы поликлиникасының амбулатория ислери бойынша бас шыпакериниң орынбасары В.Упатуллаева.
Жасы үлкенлеримиздиң қатнасыўында Наўрыз сүмелеги қайнатылып, оны былғаў ушын кепкирди қолына алған ҳәр бир адам елимиздиң тынышлығын, абаданшылығын, халқымыздың аўызбиршилигин, дийқанларымыздың қырманларының мол ҳәм перзентлеримиздиң бахытлы болыўын сорап, жақсы тилеклерин билдирди.
Илаж соңында илажда белсендилик көрсеткен бир қатар медицина хызметкерлери баҳалы байрам саўғалары менен сыйлықланды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги