Тахтакөпир районының Даўытсай, Қоструба мәкан пуқаралар ҳәм Мүлк аўыл пуқаралар жыйынлары аймағында тийкарынан қазақ миллетиниң ўәкиллери жасап, олар да республикамыздың ҳәр тәреплеме гүллеп раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.
Аймақ халқының тыныш ҳәм абадан турмыс кешириўи ушын республика ҳүкимети тәрепинен көплеген қолайлы шараятлар жаратып берилген. Атап айтатуғын болсақ, бул аўыллардың балалары үш улыўма орта билим бериў мектебинде заман талабына сай өзлериниң ана тиллеринде оқып билим алмақта.
Елимизде басланып кеткен Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен үш жыйын турғынлары жәмлесип «Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын, Өзбекстаным!» сүрени астында саз-сәўбетли сахналастырылған байрам илажын шөлкемлестирилди.
Байрам илажына аўыл турғынлары көтериңки руўхта қатнасып, миллий үрип-әдет, дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендирген аяқ ойын, әткөншек тебиў, қыз-жигитлер айтысы сыяқлы сахналық көринислерин көрсетип, бул тамашагөйлерде умытылмас тәсир қалдырды.
Сондай-ақ, сол аймақлардағы 38-санлы шаӊарақлық шыпакерлик пункти, 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жәмәәтлери өзлериниң қол өнерлери ҳәм миллий тағамлар көргизбелери менен илажға белсене қатнасып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары ҳәм сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.