Нөкистеги Қутлы мәкан МПЖ аймағында 120 орынлық 59-санлы заманагөй мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.
Бул аймақ 381 гектар майданда жайласқан болып, 6 үй бақшасы ҳәм Алланияз қаҳарман МПЖда жайласқан 2-санлы бақшаның қосымша имараты аймақ халқына хызмет етип келмекте. Бүгин олардың қатарына мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қосылды.
– Аймағымыз таза посёлка болғанлықтан еле пуқараларға жер участкаларын ажыратыў даўам етип атыр. Көшип келип атырғанлардың көпшилиги жас хожалықлар болып, бақша, мектеплерге талап артып бармақта. Сол ушын мәҳәллемизде жаңа имаратлар тикленип, усындай объектлердиң қурылыс-оңлаў жумыслары қызғын алып барылмақта. 59-санлы бақшаның ашылыўы менен аймағымыз балалары мектепке шекемги билимлендириўге толық қамтып алынады, деп ойлайман, -дейди Қутлы мәкан МПЖ баслығы Замира Қутлымуратова. – 2022-жылы мәҳәллемиз «Абат мәҳәлле» бағдарламасы бойынша аўыр аймақ деп тән алынды ҳәм аймағымыздағы 69 көшениң 59 ына қум-шағыл тас араласпасы (ЩПС) төгилип, 10 көше асфальтланды. 42 көшениң суў тармақлары реконструкцияланып, 11 километрге шамалас газ тармақлары оңланды. Аймақтағы барлық электр тармақларының бағаналары өзгертилип, сым кабельлери жаңадан тартылды ҳәм бүгинги күнде абаданластырыў илажлары даўам етпекте. Бундай итибар ушын Президентимизге айрықша миннетдаршылық билдиремиз.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрельдеги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайы менен байланыслы машқалаларды шешиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде мәҳәлледе мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў ушын ажыратылған 4 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан «Аралбойы қурылысшылары» ЖШЖ тәрепинен жаңа 120 орынға мөлшерленген заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 2 қабатлы имараты бой тикледи. Жаңа бақшада 28 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Бақшаның салтанатлы ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министриниң орынбасары Т.Аминов, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары А.Пиржанов ҳәм басқалар қатнасып, мәҳәлле халқын қутлықлады ҳәм бул бағдардағы жумыслар еле даўам ететуғынлығын атап өтти.
Жыйналғанлар бақшада тәрбияшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги