Президент Шавкат Мирзиёев 13-март күни Сурхандәрья ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп уллы алым Ҳәким ат-Термизий мақбарасын зыяратлады.

Алладан елимизге тынышлық, қут-берекет тилеп пәтия етилди.

Уламалар менен болған сәўбетте илимий-ағартыўшылықтың раўажланыўына жаратылған шараятлар ҳәм диний еркинликлер ҳаққында сөз болды. Кейинги жыллары мусылманлар ибадатларын еркин орынлаўы ушын барлық шараятлар жаратылды: жаңа мешитлер, медреселер қурылды, илимий-ағартыўшылық комплекслер қурылғаны, ҳәр жылы мыңлаған ўатанласларымыз ҳаж ҳәм умра ибадатларын орынлаў бахтына ерисип атырғаны атап өтилди.

Ендиги тийкарғы ўазыйпа оның әҳмийети ҳәм мәнаўиятын халыққа жеткериў екени атап өтилди. Бәринен бурын имам-хатиблер аймақларға шығып, Ҳәким ҳәм Имам Термизийлер, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Бурҳаниддин Марғилоний, Абу Муин Насафий ҳәм басқа да уллы алымларымыздың мийрасын системалы ҳәм терең үйрениўи керек екенлиги атап өтилди. Оның ушын өз алдына бағдарлама ислеп шығыў усынысы билдирилди.

ӨзА