Усы жыл 11-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың Қараөзек районында Шымбай Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районлары пуқаралары ушын гезектеги жеке қабыллаўы өткерилди.

Мәмлекетимизде инсан мәплери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилди. Сол себепли “Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин” ҳәм “Халық мәмлекет уйымларына емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек»”-деген принциплер тийкарында пуқараларымыздың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў жолында барлық ийгиликли жумыслар алып барылмақта.

Усы жылдың 4-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў мақсетинде аймақларда көшпели қабыллаўларын баслаған еди. Гезектеги қабыллаўда машқалалар менен келген пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.













Пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдем, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик жумысындағы ушырасып атырған машқалалар, пуқаралар жыйынларының инфраструктурасы менен байланыслы мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги орнында унамлы шешимин тапты Ал, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги