«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-90-санлы, 10.03.2023ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Өзбекстан менен Қазақстан Республикасы арасында жоқары билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Бул келисимге 2022-жыл 22-декабрь күни Ташкент қаласында қол қойылған.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги бул халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары бул халықаралық шәртнама күшке киргенинен кейин Өзбекстанның миннетлемелери орынланыўын тәмийинлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги