Республикамыздағы 19 мәденият ҳәм дем алыў бағының биреўи «Өзбекистан темир жоллары» балансында, биреўи «Беруний әўладлары» фондында, екеўи жеке меншик кәрханаға, қалған 15 бағ қала ҳәм район ҳәкимликлери менен абаданластырыў басқармаларына бекитилген.

Бүгинги күнге шекем Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья, Қоңырат, Нөкис, Елликқала районлары ҳәм Нөкис қаласындағы мәдений дем алыў бағлары жаңадан қурылып, айырымлары ири оңлаўдан шығарылып, заманагөй аттракционлар, балалардың ойын үскенелери, хызмет көрсетиў шақапшалары ҳәм басқа да саўда дүканлары ашылып халыққа хызмет көрсетпекте.

Атап айтқанда, Мойнақ районындағы Мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағына «Халық банки» районлық филиалы тәрепинен үш түрдеги балалар аттракционларын сатып алыў ушын 100 млн. кредит ажыратылған. Дем алыў бағында «Буйный» корабли  ҳәм «Ҳәсиретли ана» ҳәйкели орнатылды.

Қоңырат районындағы «Темир жолшылар» Мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағында «Golden Baby Shaxrux» ЖШЖ бағы шөлкемлестирилген болып, улыўма майданы 18 гектарды қурайды. Онда үш аттракцион, 5 көклемзарлық, жазғы балалар шомылыў бассейни, футбол майданшалары, ТИР, саўда шақапшалары, амфитеатр, онлаған балалар ойын аттракционлары хызмет көрсетпекте.

Төрткүл районындағы «Жаслық» Мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағы 2013-жылы модернизацияланды. Бағда жәми 15 аттракцион болып, бир жасалма қапламалы мини футбол, 350 саяманлы терек, ҳәр қыйлы гүллер, 30  отырғыш ҳәм 40 дана түнги жақтылындырыў үскенелери  орнатылды.

Беруний районындағы Мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағына «Астробия» ЖШЖ тәрепинен 450 саяманлы тереклер, 1000 түп роза гүл,  300 түп Ясин тереклери егилди. Бағда  25 орынлық, 40 түнги жақтыландырыў үскенелери орнатылды.

Әмиўдәря районындағы «Манғыт» Мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағы 2013-жылы модернизацияланып, «Қушаев Раим» жеке меншик кәрханасы тәрепинен қайта исленген. Бул жерде де аттракционлар, дем алыў орынлары, аўқатланыў шақапшалары, cуў бассейни бар. Бүгинги күнде абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Ал, Та[такөпир районында «Шаңарақлық исбилермен» Сабур Абдикаримов «Халық банки»ниң районлық филиалы тәрепинен 147 млн. 40 мың сум кредит алып, бағдың абаданласыўына ҳәм көркейиўине өз үлесин қоспақта.

Халықтың кеўилли дем алып, шаршағанын шығаратуғын бундай пайызлы жерлерди қайта ислеў, ири оңлаў, абаданластырыў жумыслары нәтийжели даўам етпекте.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы