«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажларында республикамыздағы мешитлердиң хызметкерлери де белсене қатнасып, мешит ҳәм қойымшылық әтирапларын абаданластырыў, көклемзарластырыў, жерлерди егиске таярлаў жумысларын әмелге асырмақта.

Атап айтқанда, жақсы нийетлер менен аймақларға 2 мың түптен аслам шырша ҳәм басқа да саяманлы тереклер агротехникалық қағыйдаларға сай егилип, нәллердиң түбине суў қуйылып, төгинлер берилди.






Бәҳәрги нәл егиў жумыслары республикамыздың барлық аймақларында даўам етпекте.

   Қарақалпақстан хабар агентлиги