Uzcard ҳәм Humo төлем системалары өз-ара интеграциясы басқышпа-басқыш, соның ишинде, 2023-жыл май айына шекем банкоматлар сондай-ақ, 2023-жылдың ақырына шекем төлем терминалларының системасын интеграциялаў жумыслары жуўмақланады.
Бул бойынша Президенттиң халық тәрепинен төлемлерди әмелге асырыўда қосымша қолайлықлар жаратыўға қаратылған қарарына қол қойылды.
Сондай-ақ, Бирден-бир ғазна есапбети арқалы есап-санақларды 24/7 режиминде онлайн тәртипте әмелге асырыў мақсетинде Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме системасы Орайлық банктиң «Оператив төлемлер» системасына интеграцияланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги