Жынаят жазасыз қалмайды

 Нѳкисли У.А. исмли шахс 2005-жылы Қазақстан Республикасына ҳаялы менен бирге жумыс ислеўге барып, қәтерли ислерге араласып қалды. 2008-жылы олардың қасына қәйниси келиншеги менен жумыс ислеўге келип, бирге кирейде жасайды. Ѳзи менен турмай оларды да бул ислерге араластырады.

Яғный, У.А. 2009-жылы май айында Қазақстан Республикасы Алматы қаласы аймағында  Ислам дини нықабы астындағы экстремистлик, сепаратистлик тәлийматына тийкарланған «Ислам фундаментализми» шѳлкемине ағза болады. Қәйнисин ҳәм келиншегин  намаз оқып, ѳзиниң қатарына қосылыўға үгит-нәсиятлайды. Лекин, кѳп ѳтпей олар денсаўлығына байланыслы Қарақалпақстан Республикасыа қайтатуғын болады. Сол аралықта ол бузғыншы идеялар орын алған китаплар ҳәм дисклерди берип жибереди. Олар бажыхана постынан жасырын рәўиште алып ѳтиледи. 2009-жылы март  айында оның кѳрсетпеси менен «Ислам фундаментализми» ҳәм диний кескинликти қозғатыўға қаратылған «Книга единобожия» атамасы менен басланған 42 (қырық еки) бетлик китап мешит ҳәм билим журты қапталларында ашықтан-ашық оқыўға усыныў ислери әмелге асырып келген.

Оның бул жынайы ҳәрекетлери тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен тоқтатылып, нызам алдында жуўап бериўине туўра келди. Лекин, ол 2009-жылы апрель айында және натуўры жолды яғный нызам жуўапкершилигинен қашып, арадан 13 жыл ѳтип, 2022-жылы март айында Қазақстан Республикасы Маңғыстаў ўәлаятында иркиўге алынған.

Оның жаңылысып басқан қәдеминен жақынлары да жәбир шекти. Ѳзи болса ѳмириниң қанша ўақтын жақынларынан узақта, қорқынышта, жалғызлықта ѳткерген болса, суд ҳүкими менен және кѳп жыл кесилди.

 

Суд материаллары тийкарында таярланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги