Россиялы илимпазлар тәрепинен бир мәртелик тексериў арқалы наўқаслардың әйне қайсы түрдеги вирус пенен кеселленгенин анықлайтуғын тест системасы жаратылды. Бул жаңа методика мағлыўматлар базасына киргизилген барлық патогенлер ушын сәйкес келеди.
Тест анализлерин өткериў ушын бир неше минут жетеди. Бул ўақытта спектометр зәрүр мағлыўматларды жыйнап, оларды кеселлик бар ямаса жоқ екенин анықлайтуғын компьютерге бағдарлайды. Буннан кейин арнаўлы бағдарлама вирус түрине анықлық киргизеди.
Изертлеў авторларынан бири Владимир Виткинниң шешими бойынша, жаңа система вирустың ҳәўиж алыўына тосқынлық ете алады. Мәселен, бул халық тығыз жайласқан орынларға орнатылса, адамлар тест тапсырып, бир неше минутта оның жуўабын алыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги