Қарақалпақстанда илиминиң ҳәр қыйлы тараўларының раўажланыўында, тарийх мектебиниң шөлкемлесиўинде елимизге белгили алым, тарийх илимлериниң докторы, академик Сабыр Камаловтың тутқан орны ҳәм ислеген хызметлери айрықша болып табылады.

1924-жылы Қараөзек районында туўылған С.Камалов 1942-жылы Хожели педагогикалық училищесин оқып тамамлайды.

Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде армия қатарына шақырылып, 48-армияның 102-дивизиясының 30-Хасан атқышлар полкиниң 8-ротасында взвод командири сыпатында хызмет етип көплеген ерликлер ислейди. Усындай қанлы саўашлардың биринде 1943-жылы Белоруссияның Красная Лоза аўылын азат етиўде аўыр жарақат алып, «Ерлиги ушын» медалы менен сыйлықланады. Урыстан қайтқаннан соң 1944-жылы аўылға қайтып келип мектепте муғаллим болып жумыс ислейди.

Соңынан 1948-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтын оқып тамамлайды ҳәм аспирантураға кирип Москва қаласында тарийхшы илимпаз Т.А.Жданконың басшылығында 1953-жылы өзиниң кандидатлық диссертациясын табыслы қорғап шығады. 1957—1961-жыллары болса, Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтының ректоры, 1961-1996-жыллары Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының баслығы лаўазымларында жумыс ислейди. 1969 –жылы докторлық диссертация жумысын табыслы қорғап, тарийх илимлериниң докторы илмий дәрежесине жетиседи. 1979-жылы Өзбекстан илимлер Академиясы академиги болып сайланады. 1984—1998-жыллары болса,  Өзбекстан илимлер Академиясының Президиумының ағзасы болып хызмет атқарады.

Қарақалпақ халқының тарийхы, этнографиясы ҳәм мәденияты бойынша жетик қәниге сыпатында 300 ден аслам илимий мийнетлер жазып, илим тараўында көплеген шәкиртлер таярлап шығарады. Бүгинги күни оның шәкиртлери тарийх илими бойынша профессор ҳәм илим докторы дәрежесине жетисип, республикамыз илиминиң раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте.

Илимпаздың илим тараўында ислеген көп жыллық жемисли мийнетлери республика ҳүкимети тәрепинен ылайықлы баҳаланып, оған  1973-жылы «Қарақалпақстанға  мийнети сиңген илим ғайраткери», 1974-жылы «Өзбекстан илим ғайраткери» ҳүрметли атақлары бериледи. Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында, 1994-жылы «Жасорат», 1996-жылы «Шуҳрат» медаллары менен сыйлықланады.

Академик Сабыр Камаловтың усындай машақатлы ҳәм жемисли өмир жолын үйрениў ҳәм оны жас әўладқа үлги сыпатында көрсетиў бүгинги күни руўхый-ағартыўшылық ҳәм билимлендириў  тараўы хызметкерлериниң әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң шөлкемлестириўи менен илимпаздың өмири ҳәм илимий дөретиўшилигине бағышланып, «Академик Сабыр Камалов оқыўлары» атамасында илимий семинар болып өтти.

Оған елимизге белгили тарийхшы илимпазлар, университет оқытыўшылары, студентлер ҳәм илимпаздың перзентлери қатнасты.

Семинарды университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Өзбекстан илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илим-изертлеў институты директоры М. Қарлыбаев С.Камаловтың өмири, дөретиўшилиги, жетискенликлери ҳаққында, ҚМУ дың «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы профессоры Б.Қощанов атақлы илимпаздың республикамыз илиминиң раўажланыўына қосқан үлеси, тәрбиялап жетистирген шәкиртлери туўралы кең түрде баянатлар жасады. Сондай-ақ, академик С.Камаловтың перзенти Юсуп Камалов та шығып сөйлеп, әкесиниң шаңарақта перзентлерин тәрбиялаўдағы ағла пазыйлетлерин еске түсирди.

Илимий-семинар даўамында бир қатар профессор-оқытыўшылар, еркин излениўшилер, 2-3-курс докторантлар, магистрантлар да өз баянатлары шығып сөйлеп, презантациялар иследи.





Семинар профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлердиң өз-ара пикирлесиўи менен даўам етти.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы