2023-жыл 22-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша Арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев Европа Парламентиниң Өзбекстан бойынша баянатшысы Илҳан Кючюк пенен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Европарламент арасындағы Аўғанстан бағдарындағы қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Европа тәрепине Өзбекстанның аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, усы мәмлекетке экономикалық жәрдемлесиў бағдарында әмелге асырылып киятырған ҳәрекетлери ҳаққында мағлыўмат берилди. И.Кючюк Аўғанстанда узақ мүддетли ҳәм турақлы тынышлық орнатыўда Өзбекстанның ролиниң үлкен екенин атап өтти.
С.Раҳимов, ӨзА