Жергиликли «Страна» баспасының мағлыўматына бола, АҚШ Президенти Жо Байден жәрияланбаған сапар менен Киевке келген.

Баспаның хабар бериўинше, Байден Украина Президенти Владимир Зеленский менен Михайлов соборында ушырасқан.

Еки мәмлекет жетекшисиниң собор майданына келгенин Украина Жоқары Рада депутаты Алексей Гончаренко тастыйықлаған.

Зеленский Байденниң Киевке сапарын «жүдә әҳмийетли қуўатлаў», деп баҳалаған.

Алдынырақ Ақ үй Байденниң Польшаға сапар етип баратуғыны, Украинаға келмеўтуғыны ҳаққында хабар берген еди.

ӨзА