Президент Шавкат Мирзиёев «Жиззақ» еркин экономикалық зонасындағы кәрханалардың жумысы менен танысты.

Алдынлары Жиззақ ўәлаятының санаат көрсеткишлери халықтың жан басына ең төмен болған аймақлардан бири еди. Ҳәзирги күнде ҳәр бир районға санаат кирип барды.

«Жиззақ» еркин экономикалық зонасында 27 жойбар әмелге асырылып, 5 мың 300 ге шамалас жумыс орны жаратылған. Кейинги жыллары оның жумысы жетилистирилип, бизнеске қолайлық кеңейтилди. Ҳәзир бул жерле көп түрдеги санаат өнимлери ислеп шығарылмақта. Олардың қатарына 2022-жыл октябрьде «Iruskon» кондитерлик кәрханасы да қосылды.

Мәмлекетимиз басшысы оның жумыс процесин, өнимлерин көзден өткерди.

Кәрханада Россия, Түркия, Германия ҳәм Италия тәжирийбеси тийкарында «Deya» бренди менен экспортта өтимли өнимлер ислеп шығарылмақта. Жыллық қуўатлылығы 12 мың тонна 100 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленген. Келеси жылы екинши басқыш ушын Германия ҳәм Түркиядан және 5 миллион долларлық үскенелер алып келиў режелестирилген. Оның нәтийжесинде және 550 жаңа жумыс орны жаратылады.

Экономикалық зонадағы және бир кәрхана – «Master Building Products» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде жылына 3 миллион қубыр ҳәм фитинг өнимлери, қурылыс материаллары таярланады. 600 ге шамалас жумыс орны жаратылған. Мәмлекетимиз басшысы усы өнимлердиң көргизбеси менен танысты.

«Global Optical Communication» Өзбекстан-Қубла Корея қоспа кәрханасы да көзден өткерилди. Бул жерле жылына 85 мың километрлик оптикалық талшықлы кабель өнимлери ислеп шығарылмақта. 115 адам мийнет етпекте.

Президентимиз кәрханаларда локализациялаў дәрежесин арттырып, импорттың орнын басыўшы ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берди.

«Жиззақ» еркин экономикалық зонасында және 14 жойбар әмелге асырылмақта. Соннан 5 еўи усы жылы иске қосылады.

ӨзА