Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов “Karakalpak sement” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ўәкиллери менен ушырасыў барысында Қараөзек районы аймағында жаңадан иске түсирилетуғын 2 ири инвестициялық жойбар менен танысты.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2022-жыл 28-январь күнги “2022-2026-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында санаат тараўында “Жасыл экономика”ға өтиў ҳәм қайта тиклениўши энергия ресурсларынан пайдаланыў усылларын кеңейтиўди жолға қойыў мақсетинде Қараөзек районы аймағында жаңадан 2 ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.
Бириншиси улыўма баҳасы 51 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў арқалы “Эко комплекс Қараөзек” жойбарын әмелге асырыў, яғный 50 МBт күшлениўге ийе қуяш электр станциясын иске түсириў нәзерде тутылған. Жойбардың қурылыс жумыслары даўамында 280 пуқараның бәнтлиги тәмийинленсе, қуяш электр станциясы иске түсирилгеннен соң 150 пуқара турақлы жумысқа жайластырылады. Екиншиси улыўма баҳасы 110 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў арқалы 100 МBт күшлениўге ийе самал электр станциясын қурыў нәзерде тутылған. Бунда, 51 миллион АҚШ доллары өз есабынан ҳәм 59 миллион АҚШ доллары сырт ел инвестициясы есабынан әмелге асырылыўы режелестирилмекте. Жойбардың қурылыс жумыслары ушын 150 пуқара ҳәм самал электр станциясы иске түсирилгеннен соң 50 пуқараның бәнтлиги турақлы түрде тәмийинледи.
Ушырасыўда жойбарларды өз мүддетинде әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги