Жаслар келешек қурыўшысы. Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларға билим бериўдиң сапасын арттырыў ҳәм имканиятлар жаратыў арқалы елимиз раўажланады. Жасларымызды исбилерменликке тартыў, оларға бул бағдарда имканият жаратып бериў ушын мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

Қараөзек районында да бул бағдарлардағы жумыслар жақсы жолға қойылған. Соның ишинде, райондағы академик Сабыр Камалов атындағы  аўыл пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Аллаяр Аймуратовтың жумыслары мысалында кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған, улыўма алғанда өз исбилерменлигин баслаўға имканияты жоқ болса да усыған умтылыўшы жасларға мүмкиншиликлер жаратылып атырғанлығын атап өтсек болады.

Жақында бул жерде бир қатар жасларға жәрдем көрсетилип, олар өзлериниң исбилерменлик жумысларын баслады.

– Жаңа жылдың басланғанына көп ўақыт болмаса да районымыздағы исбилермен жаслардың саны күннен-күнге көбеймекте,-дейди А.Аймуратов. – Жыл басынан берли жәми 8 жасқа өз исбилерменлигин баслаўы ушын әсбап-үскенелер сатып алыўы ушын субсидия алыўына жәрдем көрсетилди. Олар өз хызметлерин ҳәм өнимлерин әллеқашан-ақ аўыл турғынларына усынбақта.

Олардан Узақбаева Айымхан, Мирзағалиева Асия, Турсынбаева Шахноза сыяқлы ҳаял-қызларымыз тигиў машинасы менен тәмийинленип, бүгинги күнде үй шараятында халыққа хызмет көрсетпекте. Алдын үй бийкеси болған бул ҳаял-қызларымыз қәрежет таўып, өз шаңарағына үлес қосыўы менен бирге, аўылласларына сапалы хызмет көрсетиўди алдына мақсет етип қойған.




Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў арқалы халқымызға сапалы хызмет көрсетиўди раўажландыра аламыз. Ең тийкарғысы жасларымыз өзлериниң қымбатлы ўақытын босқа өткермей, өнер үйренип, дәрамат таба алады.

 

Кәримжан Абибуллаев,

ҚМУдиң журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги