Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлиминиң “Абат мәҳәллем” грант жойбарының ис-режесине муўапық Күйик көпир аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде ушырасыў болып өтти.
Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң талабын халықтың, соның ишинде жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша комиссияларыдың баслықлары, аймақ турғынлары қатнасты.
“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлиминиң хызметкери Х.Султанов, районлық Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлиминиң жетекши қәнигеси Б.Турабаев, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети районлық инспекциясының инспекторы Ғ.Искандаровлар шығып сөйлеп, аймақлардың тазалығын сақлаўда грант жойбарының әҳмийети, ондағы илажларды биргеликте орынлаў бойынша алда турған ўазыйларға тоқтап өтти. Бул ўазыйпаларды атқарыўда нураныйларымыз өзлериниң ақыл-кеңеслери менен қатнасып, ийгиликли иске жасларды көбирек тартыў, олардың экологиялық билимин жетилистирип барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги