Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентине өткерилетуғын болажақ сайлаўларға республикамызда да қызғын таярлық жумыслары алып барылмақта.

Сайлаўды өткериўден мақсет, жаслардың ҳуқықый ҳәм сиясий билими, санасы ҳәм мәдениятын раўажландырыў, оларды Конституция ҳәм әмелдеги басқа да нызам ҳүжжетлерине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, жасларда парламенттиң жумысына қатнас сезимлерин қәлиплестириў, оларда еркин пикирлеў қәбилетин ҳәм сөйлеў мәдениятын жетилистириўден ибарат. Сондай-ақ, олардың белсенди пуқаралық позициясын  буннан былай да беккемлеў, парламентте партия электоратының мәплерин қорғаў, бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларды үгит-нәсиятлаў болып табылады. Сондай-ақ, еркин пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерге ийе, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет пенен қатнаста болатуғын жасларды мәмлекетимиздеги сиясий процесслерге кеңнен тартыў, олардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў арқалы Ўатанға, өз халқына садықлық сезимлерин қәлиплестириў мақсетинде шөлемлестирилген.

Усы сайлаў процеси бойынша тийисли округтеги районларда таңлап алыў басқышы болып өтпекте. Атап айтқанда, Беруний ҳәм Қараөзек районларында таңлаў режесинде белгиленген тәртипте талабанлардың ҳүжжетлерин қабыл етиў жумыслары даўам етпекте.

–Талабанлардың ҳүжжетлерин қабыл етиў барысында район жасларының партия менен мақсет бирлиги, ҳәр бир тараўдағы белсендилиги ҳәм инициаторлығы, қәбилети, нызамшылық тараўындағы билими ҳәм тәжирийбеси, ҳуқықый ҳәм сиясий билими, ерискен нәтийжелери, кең жәмийетшилик арасында басқаларға өрнек болып киятырғанларды таңлап алыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта, – дейди O’zLiDeP Беруний районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Р.Юлдашева.–Мақсетимиз жасларымызды парламентке еле де жақынластырыў, олардың сиясий процесслердеги белсендилигин буннан былай да арттырыў болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги