Президент Шавкат Мирзиёевтиң Әндижан ўәлаятына сапары Бостан районынан басланды.

Бул жерде жақында «Сайёра фаввораси» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен тоқымашылық кәрханасы иске түсирилген еди.

Улыўма баҳасы 113 миллиард сумлық усы жойбар шеңберинде имарат қурылып, Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды. Ерлер, ҳаяллар ҳәм балалар ушын 50 түрден аслам, жылына 1 миллион 200 мың дана таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылды. Мыңға шамалас жергиликли халық жумыс пенен тәмийинленди.

Кәрхананың «Elegance SM» бренди астындағы сапалы, бир тегис өнимлердиң тийкарғы бөлеги экспортқа бағдарланған. Жыллық экспорт көлеми 4 миллион доллар болыўы мөлшерленген.

-Бул кәрханаға тийкар жаратқанымызда бүгингидей болып кететуғынына көпшилик исенбеген еди. Бостан экономикалық жақтан артта қалған районлардан еди. Мине усындай кәрханалар ашылып, адамларымыз дәрамат таўып атырғаны қуўанарлы жағдай. Буны даўам еттирип, жумыс орынларын көбейтиўимиз керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жердиң өзинде кәсип-өнерге қайта таярлаў оқыў курсы шөлкемлестирилген. Онда аймақтағы жумыссыз пуқаралар өнер үйренип, өз жолын таппақта, Соның ишинде, жақында 200 жәрдемге мүтәж ҳаял-қыз кәсипке оқытылып, жумысқа алынды.

Президент олар менен сәўбетте ҳаялдың билимли, өнерли болыўы шаңарақтың үлкен табысы екенин атап өтти. Кәрханаға табыс, ҳаяллардың шаңарағына абаданлық тиледи.


ӨзА