Қашқадәрья ўәлаятының Шаҳрисабз қаласындағы «АRT & MUSIC PLANET» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Жаңа жыл жулдызлары» онлайн таңлаўы өткерилди.

Оған елимиздиң барлық аймақларынан талантлы оқыўшылар қатнасып, онда сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер бағдары бойынша  Тахтакөпир районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы «Бәркамал әўлад»  балалар мектебиниң оқыўшысы Жадыра  Алламуратова «Ең жақсы дөретпе» номинациясында жеңимпазлықты қолға киргизиўге миясар болды.


-Таңлаўға Өзбекстанның барлық аймақларынан оқыўшы жаслар қатнасты,-дейди бизге Жадыра Алламуратова.-Соның ишинде  «Әмелий көркем өнер» бағдары бойынша дөреткен қарақалпақ келинлериниң той мәресиминде кийетуғын бас кийими есапланған «Сәўкеле» дөретпем ушын таңлаўдың арнаўлы дипломы ҳәм 500 мыӊ сум пул менен сыйлықландым. Буннан мен оғада қуўанышлыман. Қәнекей елимизде усындай таңлаўлар өткерилип турса, бизлердей көркем өнерге қызығыўшы жаслар ушын жүдә жақсы болар еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы