20-январь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Россия Федерациясының басшысы Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести. Бул ҳаққында Ақорда хабар берди.

Сөйлесиў ўақтында Қазақстан – Россия стратегиялық шериклигиниң әҳмийетли мәселелери додаланған. Тәреплер саўда-экономикалық, энергетика ҳәм басқа тараўлардағы байланысты раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өткен.

ӨзА